Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.01.2019 11:35
  • 1237

Каримберген Кудайбергенов: Жергиликли илимий журналлар мақалаларға рецензия бериўди жолға қойыўы керек!


Шет еллердеги сапасы жоқары илимий журналларға жиберилген ҳәр бир мақалаға журнал редколлегия ағзалары тәрепинен рецензия жазылады ҳәм авторға жибериледи. Бул арқалы автор өзиниң мақаласы қай дәрежеде жазылғанлығын, оның илимий изертлениў дәрежесин билип алады, мақул деп таўған жағдайда, рецензенттиң пикирлерин мақуллап, мақалаға өзгерис киргизиўи де мүмкин. Бул болса журналдың абыройын арттырады, редколлегия ағзаларының саўатлылық дәрежеси күшли екенлигинен дәрек береди. Ал, бизиң жергиликли жағдайда илимий журналлар тәрепинен тапсырылған мақалаларға рецензия берилмейди. Усы мәселени жолға қойыў мақсетке муўапық болар еди. Бул болса өз гезегинде журналларда басып шығарылып атырған илимий мақалалардың сапасын және де жақсыланыўына өзиниң тәсирин тийгизген болар еди.

Жоқарыда келтирилген пикирлерди белгили профессор Каримберген Кудайбергенов 2018-жылдың 4-январь сәнесинде Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында өткерилген семинарда айтып өтти.
Студентлердың қысқы дем алыс ўақтында профессор-оқытыўшылар менен оқыў, илимий ҳәм методикалық жумыслар режесине муўапық, институттың Математика-информатика оқытыў методикасы ҳәм Физика-мийнет оқытыў методикасы факультетлеринде профессор К.Кудайбергенов Scopus мағлыўматлар базасына кирген халық аралық илимий журналларда мақала жазыў усыллары бойынша «Scopus, ScienceDirect. Сырт ел илимий журналларында мақалалар жәриялаў» темасында семинар өтти. Семинарда бүгинги күндеги ең актуал мәселелердиң бири Scopus мағлыўматлар базасынан пайдаланыў, сырт ел илимий журналларында мақалалар жәриялаў, инглис тилинде илимий мақалалар жазыў бойынша өзиниң тәжирийбелери менен бөлисти. Семинар сораў-жуўап формасында даўам етип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.

Сахибжамал Есемуратова.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында