Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.01.2019 12:00
  • 1344

Қарақалпақстанда турмыслық шығындылар ушын жаңа баҳалар енгизилди


Қарақалпақстан Республикасы «Тоза ҳудуд» МУК тәрепинен көрсетилетуғын күнделикли турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм тийисли орынларға алып кетиў хызметлери ушын жаңа тариф баҳалары тастыйықланды, деп хабар берди Министрлер Кеңеси мәлимлеме хызмети.
Бул ҳаққында усы жылдың 7-январь сәнесинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң «Күнделикли турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм топлап алып кетиў хызметлери ушын жаңа тариф баҳалаларын тастыйықлаў ҳаққында»ғы 1-санлы қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық буннан былай Қарақалпақстан Республикасы «Тоза ҳудуд» МУК тәрепинен көрсетилетуғын күнделикли турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм тийисли орынларға алып кетиў хызметлери ушын төленетуғын жаңа тариф баҳалары физикалық шахслар, яғный 1 пуқара ушын айына – 2100 сум, ал юридикалық шахсларға 1 метр куб ушын 40 000 (қосымша қун салығы менен 48 000) сум етип белгиленди.
Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы, усы күнге шекем бул төлемлер 1800 сум ҳәм 36 000 сумды қураған еди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған