Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.01.2019 14:11
  • 1493

Халықтың машқалалары бойынша бирден-бир электрон система пайда болады


Өзбекстан Республикасы Президенти «Аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша секторлар жумысларын және де жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарға қол қойды.
Ҳүжжетке муўапық, 2019-жылдың 1-апрелинен төмендегилерди өз ишине алатуғын республика бойынша бирден-бир электрон мәлимлеме системасы енгизиледи:
- үйме-үй жүриў, өткерилген сәўбетлер, келип түскен мүрәжатлар нәтийжесинде анықланған машқалалар ҳәм олардың шешими ҳаққындағы мағлыўматлар;
- социаллық тараў ҳәм басқа объектлердеги бар жағдайларды үйрениў нәтийжесинде анықланған машқалалар ҳәм олардың шешими ҳаққындағы мағлыўматлар;
- секторлар жумыслары бойынша электрон статистикалық есап формалары;
- Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, районлар (қалалар)ды социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың турмыс тәризи ҳәм социаллық қорғалыўын жақсылаў бойынша «жол карталары» ҳәм олардың орынланыўы ҳаққындағы мағлыўматлар.
Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги Қаржы министрлиги ҳәм Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте ҳәр шерек жуўмақлары бойынша республикалық мәлимлеме системасына киргизилген шешилмеген машқала ҳәм усынысларды улыўмаластырып, анализлеп ҳәм қаржыландырыў дәреклерин анық көрсеткен ҳалда мәмлекетлик, аймақлық, соның ишинде, инвестициялық бағдарламаларға киргизиў ҳаққындағы тийкарландырылған усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизип барады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...