Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.01.2019 15:19
  • 1589

Үй ийесинен басқа пропискадағы ержеткен пуқаралар да коммуналлық төлемлер ушын жуўапкер болады


Айрым мәмлекетлик органлардың жумысларының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айрым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы нызам Президент тәрепинен тастыйықланды. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.
«Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы нызамға киргизилген қосымшаларға муўапық халық депутатлары ўәлаятлық, районлық, қалалық кеңеси буннан былай аймақлық әдиллик басқармалары ҳәм районлық әдиллик бөлимлери баслықларының мәлимлемесин тыңлайды.
Бунда кеңестиң қарары тийисли түрде Әдиллик министрлигине және ўәлаятлық әдиллик басқармасына жибериледи.
Турақ жай кодексине киргизилген қосымшаларға муўапық, турақ жайға турақлы прописка етилген ержеткен шахслар да электр, газ, суў тәмийнаты ҳәм суўды шығарып жибериў хызметлери ушын ҳақы төлеў бойынша жуўапкер есапланады.
«Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳаққында»ғы нызамға киргизилген қосымшаларға муўапық буннан былай нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбары ҳүжжетти қабыл етиўши органға киргизилип атырғанда оған Әдиллик министрлигиниң ҳуқықый экспертиза бойынша шешими де қосып тигиледи.
Сондай-ақ, Президент Администрациясына ҳәм Ҳүкиметке киргизилип атырған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары Әдиллик министрлигиниң ҳуқықый экспертиза бойынша шешими болған жағдайда ғана көрип шығылады.
«Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Регламенти ҳаққында»ғы нызамға киргизилген қосымшалар менен Сенат тәрепинен Әдиллик министриниң норма дөретиўшилиги ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелияты менен байланыслы мәлимлемени тыңлаўы белгиленди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған