Telegram karinform

Сиясат

  • 09.01.2019 15:34
  • 1747

Президент келеси ҳәптеде Ҳиндстанға сапар етеди


Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ҳиндстанға сапар етеди. Бул ҳаққында Өзбекстан сыртқы ислер министриниң биринши орынбасары Илҳом Неъматов Халықаралық пресс клубтың гезектеги жыйналысында мәлим етти, деп хабар берди Kun.uz.
Неъматовтың мәлим етиўинше, Өзбекстан Президенти Ҳиндстанның Гужарат штатына барады. Сапар бир ҳәптеден соң – шама менен 17-18-январь күнлери болып өтеди.
Атап өтилиўинше, Гужарат штатында исбилерменлик саммити ҳәм көргизбе шөлкемлестириледи. Көргизбе фармацевтикалық өнимлер ҳәм жеңил санаат тараўына бағышланған болады.
Жыйналыста мәлим етилиўинше, Өзбекстан көргизбесине шама менен 4 мыңға шамалас адам барыўы күтилмекте.
Еслетип өтемиз, Шавкат Мирзиёев 30-сентябрь – 1-октябрь күнлери Ҳиндстанға сапар еткен еди. Сапар даўамында Өзбекстан Президенти Ҳиндстан басшылары менен ушырасыўлар өткерди.
Мағлыўмат ушын, Өзбекстан Президенти усы жылдың 20-22-январь күнлери Германия Федеративлик Республикасына сапар етиўи жобаластырылған.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

    Көк чайды турақлы түрде ишетуғын адамлар бүйрек кеселликлери, бас аўырыўы, жүрек қан-тамыр кеселликлеринен кемнен-кем  шикаят

Ҳаўаның патасланыўы қантлы диабеттиң келип шығыў қәўпин арттырады

Ҳаўаның патасланыўы қантлы диабеттиң келип шығыў қәўпин арттырады

    Алымлар экологиялық жақтан қолайсыз аймақларда жасаўшы адамларда қантлы диабеттиң екинши түриниң раўажланыў қәўпи артыўын анықлады.

Көз нурын өткирлестиретуғын шынығыўлар

Көз нурын өткирлестиретуғын шынығыўлар

    Ең дәслеп, бөлмениң ортасына отырып алың. Соң туўрыңызға қараң ҳәм басыңызды қыймылдатпастан көзиңиз бенен бөлмениң