Telegram karinform

Спорт

  • 11.01.2019 14:06
  • 1934

Байрамға бағышланған спорт жарысы болып өтти


Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты профессор-оқытыўшылары арасында спорттың мини футбол түри бойынша спорт жарысы болып өтти.
«Әскерий ўатансүйиўшилик айлығы», Өзбекстан Қураллы Күшлери дүзилгениниң 27 жыллығы ҳәм «14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни» байрамы мүнәсибети менен шөлкемлестирилген жарыста институттың барлық факультетлери ҳәм ректорат командалары қатнасты.
Жарыс жуўмақларына бола, барлық қарсыласларынан үстин келген дене мәденияты факультети командасы 1-орынды, математика-информатика факультети командасы 2-орынды ҳәм тарийх-география факультети командасы 3-орынды ийеледи.

- Бос ўақтымызда спорт ҳәм саламатлық илажларына қатнасыў ҳәр биримиздиң беккем денсаўлығымыздың гиреўи болып табылады, - дейди институт дене мәденияты факультети декан орынбасары Қулмурат Кенжебаев. – Институт профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары арасында усындай беллесиўлер турақлы өткерилип келинеди. Соның нәтийжесинде, институт жаслары спорт тараўында да республикада жетекшилерден есапланады.

Жеңимпазлар ҳәм сыйлы орын ийелери институт ректораты, спорт клубы ҳәм кәсиплик аўқамы тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

        Жасалма интеллект технологияларының раўажланыўы себепли көплеген кәсиплер жоқ болып кетеди. Бул мәселеге Microsoft компаниясының тийкарын

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

    Президент ҳүкиметке газ ҳәм электр энергиясы тарифлерин арттырыўды 1-майға шекем кешиктириўди тапсырды. Алдын 1-апрельге белгиленген