Telegram karinform

Жәмийет

  • 12.01.2019 12:22
  • 1692

Институтта әскерий тараў ветеранлары менен ушырасыў болып өтти


Бүгин, 12-январь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты киши мәжилислер залында әскерий жемисли хызмет еткен, ҳәзирги ўақытта ҳүрметли дем алыста болыўына қарамастан жәмийетлик тараўларда мийнет етип атырған ветеранлар менен ушырасыў болып өтти.
«Ўатансүйиўшилик айлығы», Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң дүзилгенине 27 жыл толыўы ҳәм «14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни» байрамы мүнәсибети менен өткерилген ушырасыўға Қарақалпақстан Республикасы Әскерий нураныйлар кеңеси баслығы, резервтеги подполковник Бабажан Юлдашев ҳәм резервтеги майор Амангелди Реймов, сондай-ақ, институт студент-жаслары қатнасты.
Илажды институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қуўандық Қадиров басқарып барды.
Ушырасыўда ветеранлар сөзге шығып, әскерий тараўдағы хызметлери, тараўдың ел-тынышлығы, халықтың абаданлығын тәмийинлеўдеги әҳмийети, ҳәзирги ўақытта тараўға берилип атырған ҳүкиметлик итибар ҳәм ғамқорлықтың нәтийжесинде жаслардың да әскерий тараўға болған қызығыўшылығының артып баратырғаны ҳаққында кең түрде сөз етти, Ўатанды қорғаў тек ғана әскерий тараў хызметкерлери емес, соның менен бирге, ҳәр бир пуқараның әдиўли миннети екенлиги айрықша атап өтилди.


- Институтымызда сәне мүнәсибети менен ҳәр қыйлы илажлар, спорт жарыслары, ушырасыўлар өткерилмекте. Күни кеше пайтахтымыздағы әскерий бөлимде өткерилген ашық есиклер күнине қатнасып, тараў хызметкерлерине жаратылған шараятлар менен жақыннан танысқан болсақ, бүгин де тараўда әдиўли хызмет еткен ветеранлар менен ушырасыў болып өтпекте. Бундай илажлар нәтийжесинде биз, жаслардың кеўлинде Ўатанға муҳаббат ҳәм оның раўажланыўы ушын аянбай хызмет етиўдей уллы нийетлер пайда болмақта, - дейди институттың шет тиллери факультети 1-курс студенти Жулдыз Қыдырбаева.
Илажда әскерий тараўдың өзине тән өзгешеликлери, хызмет процеси бойынша баҳалы мағлыўматлар берилип, жаслар менен сораў-жуўаплар өткерилди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған