Telegram karinform

Технология

  • 15.01.2019 17:05
  • 1953

НМПИ рәсмий веб-сайты арқалы контракт төлеми бойынша мағлыўмат алыў имканияты жаратылды


Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының рәсмий веб-сайты http://ndpi.uz сайтында институтта төлемли контракт муғдары бойынша толық ҳәм қосымша мағлыўматлар алыў ушын интерактив хызмет қосылды.
- Енди институтымызда төлемли контракт тийкарында оқып атырған студентлер институттың контракт бөлимине барып жүрместен, рәсмий веб-сайтымыз арқалы контракт пулының өткени ямаса өтпегени, неше сум кемис ямаса зыят екенлиги бойынша толық ҳәм қосымша мағлыўматлар алыўы мүмкин болды. Сайттағы «Интерактив хызметлер» бөлимине «Төлемли контракт муғдарын анықлаў» бөлимин қостық. Бунда орайымыз инженер-программисти Турдыбай Машариповтың мийнетлерин айрықша атап өтиў керек. Енди студентлер контракт бөлимине келип, ўақыт сарплап жүрмейтуғын болды, - дейди институттың хабар технологиялары орайының баслығы Талғат Ескараев.


Институттың бухгалтериясы менен биргеликте төлемли контракта оқып атырған ҳәр бир студент ушын ID-номери жаратылды. ID-номери тек ғана студенттиң өзине белгили болып, ҳәр бир студент ID-номери арқалы контракт бойынша қосымша мағлыўматларды ала алады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған