2018-жылы банк карталарынан алынған қаржылардың муғдары 12,29 триллион сумды қурады. Бул ҳаққында Spot Орайлық банке сүйене отырып хабар бермекте, деп
жазады Kun.uz.
Бул 2017-жыл менен салыстырғанда 4 есеге көп.
Олардан – 4,9 трлн сум банкоматлар арқалы алынған. Декабрь айында кескин өсиў жүз берип, бул ўақытта 2,3 трлн сум алынған, солардың 1 млрд сумы банкоматлар арқалы алынған.
Ноябрь айында бул көрсеткишлер сәйкес түрде 1,5 трлн ҳәм 759 млрд сумды қураған.
2018-жыл январь айында UzCard банкоматлар арқалы пластик картадан пул алыў бойынша жаңа хызметлерди ислеп шықты ҳәм ҳеш қандай шеклеўлер жоқ екенлигин мәлим етти – ҳәр бир банк қандай шеклеў орнатыўды өзи белгилейди. Оннан алдын бир картадан тек ғана 100 мың сум алыў мүмкин еди.
Буннан соң банклер максимал пул алыў суммасы муғдарын көбейте баслады.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz