Telegram karinform

Сиясат

  • 21.01.2019 12:34
  • 1828

Президент Германияда. Мәмлекетимиз басшысы Германияда оқып атырған жаслар менен ушырасты


Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев 20-январь күни рәсмий сапар шеңберинде Германия пайтахты Берлин қаласына келди, деп хабар берди Президент баспасөз хызмети.
Сапардың тийкарғы илажлары 21-январьға жобаластырылған. Президент Шавкат Мирзиёев Берлинде федерал президент Франк-Вальтер Штайнмайер, федерал канцлер Ангела Меркель ҳәм Бундестаг баслығы Вольфганг Шойбле менен ушырасыўлар өткереди.
Сөйлесиўлерде Өзбекстан менен Германия арасындағы сиясий пикирлесиўлерди беккемлеў, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм қаржылық бирге ислесиўди раўажландырыў, мәдений-гуманитар, илим-билимлендириў ҳәм туризм тараўларындағы байланысларды жеделлестириў сыяқлы мәселелерди додалаў нәзерде тутылған.
22-январь күни Мюнхен қаласында Бавария Бас министри Маркус Зёдер ҳәм Германияның жетекши компания ҳәм банклериниң басшылары менен ушырасыўлар өткерилиўи жобаластырылған.
Германияда оқып атырған, илимий изертлеў жумысларын жүргизип атырған бир топар өзбекстанлы жаслар Берлинде Президент Шавкат Мирзиёевти үлкен қуўаныш пенен күтип алды.
Мәмлекет делегациясы жайласқан имарат алдында шын жүректен сәўбетлесиў болып өтти. Мәмлекет басшысы жерлеслеримиздиң оқыў ҳәм жумыслары, әрман-тилеклери менен қызықсынды.
«Раўажланған мәмлекетлер барлық тараўларға илимий жақтан итибар берип үлкен нәтийжелерге ерискен. Бизлер де үлкен излениўлер жолындамыз. Барлық ҳәрекетлеримиз дүнья менен тең болыўға, халқымызға мүнәсип турмыс жаратыўға бағдарланған. Реформаларды сиз сыяқлы алдынғы жаслар менен биргеликте әмелге асырамыз. Барлық ийелеген билим, «ноу-хау»ларыңызды Өзбекстанның ҳәр бир тараўы күтпекте. Қаншелли көп билимге ийе болсақ, соншелли қүдиретли боламыз», - деди Шавкат Мирзиёев.
Президент жасларды оқыў ҳәм излениўлерин табыслы тамамлап, билим ҳәм тәжирийбелерин мәмлекет раўажланыўына бағдарлаўды усыныс етти.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

        Apple‘дың жаңа смартфонлары АҚШ президенти Доналд Трамп ҳәкимшилигиниң бажыхана төлемлери себепли 30 процентке қымбатлаўы мүмкин.