Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.01.2019 16:17
  • 1444

Китап оқыў ушын ўақыт таба алмай атырғанларға 5 кеңес


Китап оқыўды унатсаңыз, бирақ күнделикли турмыслық машқалалар себепли унатқан жумысыңызға ўақыт таба алмай атырған болсаңыз төмендеги кеңеслер сиз ушын.

1. Китапты өзиңиз бенен бирге алып жүриң
Көптен берли оқығыңыз келип жүрген китапты өзиңиз бенен бирге алып жүриң. Қолыңыз босаған ўақытта бир-еки бет болса да оқып үлгересиз. Жумыста түслик ўақтында ямаса үйге қайтып баратырғаныңызда китап исенимли шеригиңизге айланады. Ең тийкарғысы, өзиңизге унаған ҳәм қызықлы китап болсын.

2. Китап оқыў ушын арнаўлы ўақыт ажыратың
Жумыс тәртибиңизге, бос ўақтыңызға қарай китап оқыўға белгили бир ўақыт ажыратың. Мәселен, уйқыдан алдын ярым саат, азанда уйқыдан турып 15-20 минут дегендей. Бир күнде 100 бетти оқып, питкериўиңиз шәрт емес, аз-аздан, бирақ түсинип оқың.

3. Социаллық тармақлар, ойынлар ҳәм сериалларға сарплаған ўақтыңызды китап оқыўға сарплаң
Социаллық тармақлар ҳәм ойынлар – ўақыттың душпаны. Көпшилигимиз буны билгенимиз бенен ўақтымыздың басым көпшилигин ойын ойнаўға, социаллық тармақлардан пайдаланыўға сарплаймыз. Ўақытшаға болса да социаллық тармақлар, ойынлар ҳәм сериаллардан ўаз кешиң. Оның орнына китап оқыўға әдетлениң.

4. Китап көз алдыңызда болсын
Көп ўақтыңызды өткеретуғын бөлмеге оқыўды қәлейтуғын китапты апарып қойың. Мәселен, өз бөлмеңизге, компьютер столына, ваннаның қасына. Бул усыл китап бәрқулла көз алдыңызда болыўын тәмийинлейди.

5. Досларыңыз бенен бирге китап оқың
Китапты бир өзиңиз емес, досларыңыз бенен бирге оқың. Пикир алмасып, өз ойларыңыз бенен бөлисиң. Жарысып оқың. Бул сизиң китап оқыўға болған қызығыўшылығыңызды арттырады.
Ўақты дым аз, қолынан телефоны түспейтуғынлар ушын – электрон ямаса телефон ушын арналған китапларды усыныс етемиз. Қәлеген ўақытта телефоныңыздан зәрүрли китапты оқыў имканияты болады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған