2018-жыл январь-декабрь айларында Өзбекстанда ең жоқары орташа айлық номинал есапланған мийнет ҳақы банк тараўы хызметкерлеринде, ең азы болса денсаўлықты сақлаў тараўында екенлиги белгили болды. Бул бойынша мағлыўматлар Мәмлекетлик статистикалық комитети тәрепинен жәрияланған мағлыўматларда келтирилген.
Мағлыўматларға қарағанда, Өзбекстанда орташа айлық номинал есапланған мийнет ҳақы 1,8 млн сумды (216 доллар) қурады. Бул көрсеткиш 2017-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 25,0 процентке өскен.
Мийнет ҳақына үстеме, сыйлық, хошаметлеў өзгешелигине ийе болған төлемлер, компенсация ҳәм ислемеген ўақыт ушын ҳақы сыяқлы төлемлер киргизилген, сондай-ақ, оның қурамында физикалық шахслардың дәрамат салығы, социаллық қамсызландырыў ҳәм кәсиплик аўқамына төлемлер де бар.
Өзбекстанда ең жоқары дәраматлар банк, қамсызландырыў, лизинг, кредит ҳәм дәлдәлшылық хызметлеринде: олар бир айда орташа 3,5 млн сум (420 доллар) алады.
Ең кем айлық мийнет ҳақы билимлендириў тараўында – 1,3 млн сум (156 доллар) және денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық хызметлер көрсетиў тараўында – 1,1 млн сум (130 доллар).
Саўда хызметкерлериниң орташа айлық мийнет ҳақы 1,9 млн сумды (228 доллар) қурады, қурылыста – 2,2 млн сум (265 доллар), тасыў ҳәм сақлаўда – 2,5 млн сум (300 доллар), көркем өнер, кеўилашар ҳәм дем алыў тараўында – 1,6 млн сум (190 доллар).
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz