Telegram karinform

Жәмийет

  • 29.01.2019 16:02
  • 1500

«Бизиң театр» атамасындағы әнжуман болып өтти

«Бизиң театр» атамасындағы әнжуман болып өтти

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының телеграм каналында хабар берилиўинше, усы жылдың 28-январь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы театрында «Бизиң театр» атамасында әнжуман өткерилди. Әнжуманға театрда ислеп ҳәзирги кунде ҳүрметли дем алыстағы көркем өнер ғайраткерлери, театр хызметкерлери ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының Нөкис филиалы оқытыўшылары менен студент жаслар қатнасты.

«Бизиң театр» атамасындағы әнжуман болып өтти

Әнжуман даўамында «Театр жолы» ҳүжжетли фильми жыйналғанлардың итибарына усынылды. Онда Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен мәденият хызметкери Аманияз Жузимбетов, Өзбекстан халық артисти, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Нажиматдин Аңсатбаев, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы, драматург Оразбай Абдирахманов, театр бас дирижёры, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Қурбанбай Заретдинов ҳәм жас театр изертлеўшиси Сәўбет Пирназаровлар сөзге шығып, қарақалпақ театры ҳаққында, оның қәлиплесиў жыллары, жетискенликлери, бугинги жағдайы ҳәм келешеги ҳаққында айтып өтти.

«Бизиң театр» атамасындағы әнжуман болып өтти

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында