Telegram karinform

Жәмийет

  • 25.08.2017 16:55
  • 2221

Жоқары оқыў орынларында жаслар жетекшилери сайлаўларын өткериў ТӘРТИБИ

Жоқары оқыў орынларында жаслар жетекшилери сайлаўларын өткериў ТӘРТИБИ

Жоқары оқыў орынларында жаслар жетекшилери сайлаўларын өткериў ТӘРТИБИ

Жаслар жетекшилериниң сайлаўлары оқыў жылының басында (сентябрь айы) өткериледи.
Сайлаўлар бес басқышта шөлкемлестириледи:
Биринши басқыш – барлық топарларда топар жетекшилери сайланады;
Екинши басқыш – барлық факультетлерде жетекшилер сайланады;
Үшинши басқыш – барлық жоқары оқыў орынларында жетекшилер сайланады;
Төртинши басқыш – Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық Жаслар Кеңеси ағзалары сайланады;
Бесинши басқыш – Республикалық Жаслар Кеңесиниң ағзалары сайланады.

Топар жетекшилерин сайлаў тәртиби:
Топар жетекшилериниң сайлаўында топар студентлериниң ҳәммеси қатнасыўы керек.
Сайлаўларды өткериўде кеминде бир ҳәпте алдын исши топар дүзиледи. Исши топарға топар басшысы, алдынғы оқыў жылының топар жетекшиси ҳәм жоқары оқыў орны факультет жетекшилер кеңеси ўәкили киреди.
Бул исши топар сайлаў күни ҳәм оны өткериў тәртибин белгилейди. Исши топар студентлерге Өзбекистан жаслар аўқамының мақсети, бағдарлары, жетекшилериниң ўазыйпалары ҳаққында түсиник бериўи керек.
Барлық топар студентлери топар жетекшиси лаўазымына өз кандидатурасын усыныўы мүмкин.
Ҳәр бир талабанға 10 минут ўақыт бериледи. Бул ўақыт даўамында талабан өз бағдарламасы, жетекшиге жүклетилген ўазыйпаларды қалай аткарыўы ҳаққында мағлыўмат береди. Талабанлыққа қойылған студентлер қай формада өзлерине жүкленген ўазыйпаларды әмелге асырмақшы екенлиги ҳаққында пикирлесиўи мүмкин. Топар жетекшилериниң сайлаўы топар студентлери тәрепинен улыўмалық, тең ҳәм тиккелей сайлаў ҳуқықы тийкарында ашық даўыс бериў жолы арқалы әмелге асырылады.
Топар жетекшилери бир жыл мүддетке сайланады.

Факультет жетекшилерин сайлаў тәртиби:
Факультет жетекшилериниң сайлаўында студентлердиң ҳәммеси қатнасады.
Сайлаўларды өткериўден кеминде бир ҳәпте алдын исши топар дүзиледи. Исши топар қурамына факультет деканы, оның руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары ҳәм ең белсенди студент киреди.
Факультет жетекшиси лаўазымына талабанлардың ҳүжжетлери 5-сентябрьге шекем қабылланады.
Факультет жетекшилери сайлаўлары 6-10-сентябрь күнлери аралығында өткериледи.
Бул ўақытта жетекшиликке талабан сыпатында көрсетилген студентлер өз бағдарламалары менен үгит-нәсият жумысларын алып барады. Ақырында ашық даўыс бериў жолы арқалы тийисли жетекшилер сайланады.
Факультет жетекшилери бир жыл мүддетке сайланады.

Жоқары оқыў орны жаслар жетекшилерин сайлаў тәртиби:
Жоқары оқыў орны жаслар жетекшилериниң сайлаўында студентлердиң ҳәммеси қатнасады.
Сайлаўларды өткериўден кеминде бир ҳәпте алдын исши топар дүзиледи. Исши топар қурамына районлық кеңес баслығы, жоқары оқыў орнының ректоры, оның руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары ҳәм ең белсенди студент киреди.
Жаслар жетекшиси лаўазымына талабанлардың ҳүжжетлери 10-сентябрьге шекем қабыл етиледи.
Талабанларға сайлаў алды үгит-нәсият жумысларын алып барыў ушын 10 күн (он күн) мүддет (11-сентябрьден 20-сентябрьге шекем) бериледи. Талабанлар бул ўақыт аралығында сайлаўшыларды өз бағдарламалары менен таныстырады.
Жаслар жетекшиси сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ашық формада әмелге асырылады.
Сайлаў алды үгит-нәсият илажлары сайлаў күнинен бир күн алдын тоқтатылады.
Сайлаўлар 22- ямаса 23-сентябрь күни саат 8:00ден саат 18:00ге шекем өткериледи.
Сайлаўда сайлаўшылардың салыстырмалы көп даўысын топлаған талабан жаслар жетекшиси етип сайланған есапланады.
Сайлаўшылардың 33 (отыз үш) процентинен азы қатнасқан сайлаў өтпеген деп табылады.
Сайлаўда жеңип шыққан талабан өз кеңесин қәлиплестиреди.

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық Жетекшилер Кеңеси ағзаларын сайлаў тәртиби:
Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық Жетекшилер Кеңеси ағзалары Өзбекистан жаслар аўқамы Уставында белгиленген мақсет ҳәм ўазыйпаларды избе-из әмелге асырыў, Өзбекистан жаслар аўқамының районлық (қалалық) Кеңеслери жумысын жетилистириўде белсене қатнасатуғын Кеңес ағзалары болып табылады.
Жетекшилер Кеңеси ағзалары ҳаққындағы мағлыўматлар Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық «Камалак» балалар шөлкеминде топланады.
Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық Жетекшилер Кеңеси ағзалары бир жыл мүддетке сайланады.

Республикалық Жетекшилер Кеңеси ағзаларын сайлаў тәртиби:
Республикалық Жетекшилер Кеңеси ағзалары Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық Жетекшилер Кеңеси ағзалары ушын сентябрь айында шөлкемлестирилетуғын «Бирлесип, биз үлкен күшпиз!» ураны астындағыы оқыў-семинары шеңберинде сайланады.
Топар, факультет, жоқары оқыў орны жаслар жетекшиси, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық Жетекшилер Кеңеси ағзалары ҳаққындағы мағлыўматлар Республикалық «Камалак» балалар шөлкеминде топланады.
Республикалық Жетекшилер Кеңесиниң ағзалары бир жыл мүддетке сайланады.

Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Ташкент қаласы, 2017-жыл 22-август.
Өзбекистан жаслар аўқамы Орайлық Кеңеси, Ташкент қаласы, 2017-жыл 22-август.


Қарақалпақшалаған: Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал