Telegram karinform

Жәмийет

  • 04.02.2019 15:49
  • 1396

Айырым мағлыўматларды рәсмий түрде жәриялаў бойынша шеклеўлер алып тасланды



2019-жылдың 1-февраль күни айырым мағлыўматларды рәсмий түрде жәриялаў бойынша шеклеўлерди алып таслаў ҳаққындағы Ҳүкимет қарары қабыл етилди, деп хабар берди huquqiyaxborot каналы.
Қарарға муўапық, төмендеги мағлыўматларды рәсмий түрде жәриялаў бойынша алдын белгиленген шеклеўлер бийкар етилди:
  • Пайдалы қазылмалардың резервлери ҳәм ресурслары, олардың қазып алыў ҳәм сатыў көлемлери, қаржыны бөлистириў ҳаққындағы мағлыўматлар;

  • Тиклениў ҳәм раўажланыў фонды, «Олмалиқ КМК» АЖ ҳәм «Навоий КМК» ДКның 2013-жылдан баслап миллий ҳәм халық аралық стандартлар тийкарындағы финанслық есаплары;

  • 2017-жыл 1-январь жағдайына шекемги мәмлекет алтын валюта-резервлериниң жыллық көлемлери ҳәм олардың қурамы;

  • Мәмлекет ҳәм мәмлекет тәрепинен кепилленген (ишки ҳәм сыртқы) қарызлардың улыўмалық көлеми, олардың дәреклери, валюталары, процентлик ставкалары, сондай-ақ, қарыздар шөлкемлер кесиминде өзлестириўи ҳәм қайтарылыўы бойынша мағлыўматлар.


Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған