Telegram karinform

Жәмийет

  • 04.02.2019 16:41
  • 1663

Оқытыўшы ең көби менен неше саат сабақ бериўи мүмкин?



Алыс аймақларда, таўлы районларда жайласқан мектеплер ямаса қәнигелер жетиспейтуғын, еки сменалы мектеплерде оқытыўшыларға ең көп неше саатқа шекем сабақ өтиўге руқсат бериледи, деген сораўға huquqiyaxborot каналы төмендегише жуўап берген:
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2005-жыл 21-декабрьдеги 275-санлы қарары менен тастыйықланған Халық билимлендириў хызметкерлери мийнетине ҳақ төлеў ҳаққындағы уставтың 18-бәнтине муўапық, айрықша жағдайларда халық билимлендириў шөлкемлеринде хызметкердиң разылығы менен кәсиплер (лаўазымлар)ди бирге қосып алып барыўға, сондай-ақ, өзиниң тийкарғы жумысы менен биргеликте жумыста ўақытша болмаған хызметкерлердиң ўазыйпаларын орынлаўы мүмкин. Бунда лаўазымларды қоса алып барыў бойынша жумыс ўақтының жәми даўамлылығы жыллық көлеми 1548 саат жумыс ўақтының 50%нен, яғный жыл даўамында 774 сааттан артық болмаўы керек.
Сондай-ақ, Министрлер Кабинетиниң 2012-жыл 18-октябрьдеги 297-санлы қарары менен тастыйықланған «Қосымша ўазыйпа (Орынласлық) тийкарында ҳәмде бир неше кәсипте ҳәм лаўазымда ислеў тәртиби ҳаққындағы устав»ы қосымшасының 6-бәнтине муўапық, улыўма билим бериў мектеплери оқытыўшыларының усы шөлкемде белгиленген мийнет нормасынан артық болған, бирақ, сол жумыс түри бойынша жумыс ўақты нормал даўамлылығының 50%нен көп болмаған жумысы қосымша ўазыйпа (орынласлық) тийкарында жумыс алып барыў есапланбайды ҳәм олардың мийнетине тастыйықланған тарификация тийкарында ҳақ төленеди.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған