Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.02.2019 18:16
  • 1782

НМПИде Арал бойы Халықаралық инновациялық орайының ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти

НМПИде Арал бойы Халықаралық инновациялық орайының ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти
Усы жылдың 7-февраль күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының киши мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Арал бойы Халықаралық инновациялық орайының ўәкиллери менен дөңгелек стол сәўбети болып өтти.
«Арал теңизи аймағында инновациялық жойбарларды ислеп шығыўда бирге ислесиў» атамасында өткерилген дөңгелек столға Халықаралық инновациялық орай директоры Нурлыбек Мырзамуратов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Арал бойы аймағында экологиялық раўажланыў мәселелери бойынша ўәкили Азиз Дәўжанов, орай директорының илими ҳәм өндирис ислери бойынша орынбасары Муратбай Ганиев, институт профессор-оқытыўшылары, илимий излениўшилер, докторантлар ҳәм студент-жаслар қатнасты.
НМПИде Арал бойы Халықаралық инновациялық орайының ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти
Илажда атап өтилгениндей, 2018-жыл 16-октябрь күни Президентимиздиң «Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Арал бойы Халықаралық инновациялық орайын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары тастыйықланды. Халықаралық инновациялық орайдың тийкарғы ўазыйпалары ҳәм баслы бағдарлары сыпатында Арал теңизиниң қурыған бөлегиндеги шорланған жерлерде экосистеманы жақсылаў ҳәм мүнәсип турмыс шараятын тәмийинлеў, шорланған топырақлы орталықтағы ҳәр қыйлы машқалаларды шешиў мақсетинде халықаралық шөлкемлер менен биргеликте инновацияларды ислеп шығыў ҳәм енгизиў, сынаўлар өткериў ушын тәжирийбе майданларын шөлкемлестириў, инновациялық технологиялар ҳәм басламаларды, атап айтқанда, агротоғай мелиорациясы, шөлистанлықты терекликке айландырыў, суў асты егинлери, биоэнергетика, егинлердиң диверсификациясы, егинлердиң комплексин жетистириў, шарўашылық, жайлаўларды раўажландырыў, қурғақшылықты басқарыў ҳәм оның ақыбетлерин жумсартыў, климатлық өзгерислерге ийкемлесиўди белгилеў, алға сүриў ҳәм усыныс етиў, Арал қурыўының ақыбетлерин сапластырыў ҳәм Арал теңизи бассейнин экологиялық саламатластырыў тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў етип белгиленген.
НМПИде Арал бойы Халықаралық инновациялық орайының ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти
Илажда орай ўәкиллери тәрепинен жыйналғанларға Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Арал бойы Халықаралық инновациялық орайы ҳәм оның ўазыйпалары бойынша толық мағлыўмат берилди.
НМПИде Арал бойы Халықаралық инновациялық орайының ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти
Сондай-ақ, илажда институт профессор-оқытыўшылары, илимий излениўшилер, докторантлар ҳәм студент-жаслар менен пикир алмасыўлар ҳәм сораў-жуўаплар өткерилди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған