
Бүгин, 8-февраль күни хоккей бойынша Өзбекстан биринши чемпионаты басланады. Онда «Бинокор», «Ҳумо», «Семурғ» ҳәм «Ташкент» топарлары қатнасып, жәми 24 ушырасыў «Ice City» муз аренасында өткерилиўи режелестирилген. Еки ай даўам етиўи режелестирилген чемпионаттың ашылыў салтанаты бүгин саат 18:00де басланады.
Сахибжамал Есемуратова