Telegram karinform

Мәденият

  • 08.02.2019 20:36
  • 2433

Институтта жазыўшы Муратбай Нызанов пенен ушырасыў болып өтти

Институтта жазыўшы Муратбай Нызанов пенен ушырасыў болып өтти
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының киши мәжилислер залында Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Муратбай Нызанов пенен ушырасыў болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 13-сентябрьдеги «Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў және үгит-нәсиятлаў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы ҳаққында»ғы қарары, сондай-ақ, «Өзбекстан Республикасында 2019-жылы Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўға бағдарланған қосымша илажлар бағдарламасы»ның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилген ушырасыўға Қарақалпақстан халық муғаллими А.Пазылов, жазыўшы Ә.Қайыпов ҳәм институттың мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети студент-жаслары қатнасты.
Институтта жазыўшы Муратбай Нызанов пенен ушырасыў болып өтти
- Факультетимизде усы ҳәпте «Китапқумарлық ҳәптелиги» деп жәрияланып, студентлер арасында китап оқыў ҳәм китапқумарлықты кең үгит-нәсиятлаў мақсетинде ҳәр қыйлы илажлар, ушырасыўлар өткерилип келинбекте, - дейди мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети деканы Улбосын Сейтжанова.
Ушырасыўда жазыўшы Муратбай Нызановтың «Таңламалы шығармаларының VIII томы» китабының презентациясы өткерилди.
Институтта жазыўшы Муратбай Нызанов пенен ушырасыў болып өтти
Институтта жазыўшы Муратбай Нызанов пенен ушырасыў болып өтти
Илажда студентлер жазыўшының «Ақырет уйқысы», «Жат журттағы жети күн», «Еки қанхор», «Ҳаўа кемесиндеги екеў», «Ақшагүл» сыяқлы шығармалары, сондай-ақ, «Танк», «Уры», «Қоңсылар», «Қайсар» сыяқлы фильмлери бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.
Ушырасыўда жазыўшы «Таңламалы шығармаларының VIII томы» китабын студентлерге саўға етти.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында