Telegram karinform

Жәмийет

  • 26.08.2017 15:13
  • 2389

Қарақалпақстанлы шыпакер, оқытыўшы, мәденият хызметкерлери, журналистлер сыйлықланды



2017-жыл 25-август сәнесинде Өзбекистан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен «Өзбекистан Республикасы ғәрезсизлигиниң жигирма алты жыллығы мүнәсибети менен илим, билимлендириў, ден-саўлықты сақлаў, әдебият, мәденият, көркем-өнер, ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тараў хызметкерлериниң бир топарын сыйлықлаў ҳаққында»ғы пәрманы тастыйықланды.
Оған муўапық, елимиздиң ғәрезсизлигин беккемлеў, миллий идеяны раўажландырыў, руўхыйлығымызды тиклеў бағдарында нәтийжели жумысларды алып барып атырған инсанлар ҳүрметли атақ ҳәм орденлер менен сыйлықланды.
Олардың қатарында қарақалпақстанлы белсендилер де бар. Өзбекистан Жазыўшылар Аўқамының ағзасы, шайыр Бахтияр Генжемуратов Алламбергенович ҳәм Елликқала районы мәденият бөлимине қараслы «Бостан» қосық ҳәм аяқ ойын ансамблиниң директоры Сапаев Сададдин Мәмбетович «Өзбекистан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери», Қараөзек районы медициналық бирлеспесииң неонатолог шыпакери Омарбаева Шәригул «Өзбекистан Республикасына хызмет көрсеткен денсаўлықты сақлаў хызметкери», Қараөзек районындағы 31-санлы мектептиң химия пәни оқытыўшысы Байманова Тамара Аллияровна «Өзбекистан Республикасына хызмет көрсеткен халық билимлендириў хызметкери», ҚР телерадиокомпаниясы «Қарақалпақстан» телеканалы режиссёры Ходжанов Муратбай Турдымуратович «Меҳнат шуҳрати» ордени, Тахтакөпир районы «Тахтакөпир таңы» газетасының редакторы Гүлнара Дәўлетмуратова Бегдуллаевна «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланды. Сыйлықланғанларды табысы менен қутлықлап қаламыз.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити