Telegram karinform

Жәмийет

  • 12.02.2019 11:41
  • 1483

Меҳрийбанлық үйинен тәрбияға алынған балалар ушын төленетуғын напақа муғдары көбейтилди


Өзбекстан Республикасы Президенти «Жетим балалар ҳәм ата-анасының ғамқорлығынан айрылған балаларды социаллық жақтан қорғаўды күшейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарға қол қойды. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.
Қарарда белгилеп өтилиўинше:
2019-жыл 1-марттан баслап шаңараққа тәрбияға алынған (патронат) ҳәр бир бала ушын төленетуғын напақа муғдары 1,33 есеге көбейтилип, 820 000 сумды қурайды, кейин ала инфляция көлеминен кем болмаған муғдарда көбейтип барылады;
2019-жыл 1-октябрьден баслап физикалық ямаса руўхый жақтан раўажланыўында кемшилиги болған балалар ушын қәнигелестирилген мәмлекетлик билимлендириў мәкемелериниң басшы хызметкерлери ҳәм тәрбияшыларына мийнеттиң айрықша шараятлары ушын ҳәр айда төленетуғын үстеме ҳақы лаўазымлық мийнет ҳақының 75 проценти муғдарында төленеди;
Қайырқомлық ҳәм қәўендерлик органлары хызметкерлерине өз ўазыйпасына бекитилген ўазыйпаларды атқарыў менен байланыслы болған транспорт қәрежетлерин қаплаў ушын ҳәр айда 170 000 сум муғдарында компенсация төленеди, кейин ала инфляция көлеминен кем болмаған муғдарда кобейтип барылады;
Балалар үйлери, майып балалар ушын «Мүриўбет» интернат үйлери және туберкулёз кеселлигине қарсы балалар санаторийсы тәрбияшыларына тийисли категориядағы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери тәрбияшылары ушын белгиленген базалық тариф ставкасы муғдарлары қолланылады;
Шаңарақлық балалар үйлери тәрбиялаўшы ата-аналардың базалық тариф ставкасы «Меҳрийбанлық» үйлери тәрбияшылары ушын белгиленген базалық тариф ставкасының еки есеси муғдарында есапланады, бунда мийнеттиң айрықша шараятлары ушын әмелдеги үстеме ҳақы бийкар етиледи ҳәм «Меҳрийбанлық» үйлери тәрбияшылары ушын белгиленген ҳәр жылдағы дем алыслар, жеңилликлер ҳәм кепилликлер бериў тәртиби сақлап қалынады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған