Telegram karinform

Экономика

  • 12.02.2019 14:19
  • 1733

Қарақалпақстанда сырт ел капиталы қатнасыўындағы неше кәрхана жумыс алып бармақта?


Қарақалпақстан Республикасында 2019-жылдың 1-январь жағдайына бола жумыс алып барып атырған сырт ел капиталы қатнасыўындағы кәрханалар саны 121 ди қурады. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы статистикалық басқармасы хабар берди.
Бул кәрханалардың тийкарғы бөлеги Қытай Халық Республикасы, Россия Федерациясы, Қазақстан Республикасы ҳәм Қубла Корея Республикасының үлесине туўра келеди.
Сондай-ақ, жумыс алып барып атырған сырт ел капиталы қатнасыўындағы кәрханалардың 74 и қоспа кәрхана, 47 си сырт ел кәрханасы есабына туўра келеди.
Аймақлар кесиминде алып қарайтуғын болсақ, бундай кәрханалардың тийкарғы бөлими Нөкис қаласы (22 кәрхана, 18,2%), Мойнақ районы (17 кәрхана, 14,1%) ҳәм Тақыятас районы (11 кәрхана, 9,1%) үлесине туўра келди.
Бул бойынша ең төменги көрсеткиш Елликқала районы (4 кәрхана, 3,3%), Хожели районы (3 кәрхана, 2,5%), Шоманай районы (2 кәрхана, 1,7%) ҳәм Төрткүл районы (1 кәрхана, 0,8%) үлесине туўра келди.

Сырт ел капиталы қатнасыўындағы кәрханалар қайсы тараўларда шөлкемлестирилген?
Егер жумыс алып барып атырған бундай кәрханаларды экономикалық жумыс түрлери бойынша анализлеп көретуғын болсақ, ең көби санаатта – 59 кәрхана (48,8%), аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығында 33 кәрхана (29,3%) ҳәм саўда тараўында 16 кәрхана (13,2%) екенлиги белгили болды.
Бул бойынша ең төмен көрсеткиш қурылыс тараўында 3 кәрхана (2,5%), жасаў ҳәм аўқатланыў бойынша хызметлерде 3 кәрхана (2,5%), денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық хызметлерди көрсетиўде 2 кәрхана (1,7%), тасыў ҳәм сақлаў тараўында 1 кәрхана (0,8%)ны қурады.
Буннан көринип турғанындай жумыс алып барып атырған сырт ел капиталы қатнасыўындағы кәрханалардың тийкарғы бөлими санаат ҳәм аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы түрине, ал ең төмен көрсеткиш денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық хызметлерди көрсетиў, тасыў ҳәм сақлаў тараўларына туўра келеди.

Өткен сырт ел капиталы қатнасыўында неше жаңа кәрхана шөлкемлестирилген?
2018-жылдың январь-декабрь айларында сырт ел капиталы қатнасыўында 36 жаңа кәрхана шөлкемлестирилген. Бул көрсеткиш 2017-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 22 ге көбейгенлигин көрсетпекте.
Бул кәрханалардың тийкарғы бөлеги аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы (15 кәрхана), санаат (14 кәрхана), саўда (2 кәрхана), жасаў ҳәм аўқатланыў бойынша хызметлер (2 кәрхана) тараўлары үлесине туўра келеди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...

Баланы аўқатын таўысып қойыўға мәжбүрлемеў керек

Баланы аўқатын таўысып қойыўға мәжбүрлемеў керек

    Балаларды аўқатын таўысыўына мәжбүрлеў - аўқатланыў процессиниң бузылыўына алып келеди. Егер адам тойғанын сезгеннен кейин

Балаға ҳешқандай қосымталарсыз фамилия ҳәм әкесиниң атын бериў мүмкин бе?

Балаға ҳешқандай қосымталарсыз фамилия ҳәм әкесиниң атын бериў мүмкин бе?

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 14.11.2016-жылдағы 378-санлы қарарына муўапық, баланың фамилиясына "-ев", "-ов", "-ева", "-ова" сыяқлы ҳәм...