
2017-жыл 25-август сәнесинде Өзбекистан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен «Өзбекистан Республикасы ғәрезсизлигиниң жигирма алты жыллығы мүнәсибети менен илим, билимлендириў, ден-саўлықты сақлаў, әдебият, мәденият, көркем-өнер, ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тараў хызметкерлериниң бир топарын сыйлықлаў ҳаққында»ғы пәрманы тастыйықланды.
Оған муўапық, елимиздиң ғәрезсизлигин беккемлеў, миллий идеяны раўажландырыў, руўҳыйлығымызды тиклеў бағдарында нәтийжели жумысларды алып барып атырған инсанлар ҳүрметли атақ ҳәм орденлер менен сыйлықланды.
Олардың қатарында ҚМУдың оқытыўшысы Өзбекистан Жазыўшылар Аўқамының ағзасы, шайыр Бахтияр Генжемуратов Алламбергенович «Өзбекистан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери» атағын алыўға миясар болды. Устазымызды бул табысы менен қутлықлап қаламыз.
Сахибжамал Есемуратова