Telegram karinform

Технология

  • 15.02.2019 16:57
  • 1820

Қантлы диабет пенен наўқасланғанлар ушын арнаўлы аяқ-кийим жаратылды


Бухара инженерлик-технология институты докторанты Мадинабану Муҳаммедова қантлы диабет пенен наўқасланғанлар ушын арнаўлы аяқ-кийим жаратты. Бул ҳаққында «Халқ сўзи онлайн» хабар берди.
- Бул аяқ-кийим аяққа түсетуғын басымды кемейтеди, табандағы қан айланысын жақсылайды, - дейди қантлы диабет пенен наўқасланғанлар ушын рационаллық аяқ-кийим конструкциясы ҳәм технологиясын жаратыў бойынша илимий излениўлер жүргизип атырған М.Муҳаммедова. – Биз бир топар наўқасларға усы аяқ-кийимди усыныс ете отырып, тәжирийбе-сынақ жумысларын алып бардық. Олардың аяғындағы аўырыўлар бир айдың ишинде емленди.
Бухарада болып өткен «Қыс-2019» көргизбесинде болажақ илимпаздың излениўлери көпшиликтиң итибарын өзине тартты.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған