Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.02.2019 15:56
  • 1285

Қандай жағдайларда туўылғанлықты дизимге алыў бойынша мәмлекетлик хызмет көрсетилмейди?


Ҳүкиметлик қарар тийкарында туўылғанлықты дизимге алыў бойынша мәмлекетлик хызметти көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти тастыйықланды. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.
Бул бойынша хызметлер Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы орай имаратында жайласқан пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў бөлимшелери тәрепинен көрсетиледи.
Мәмлекетлик хызмет бала дүньяға келген орындағы ямаса ата-анасының бириниң турақлы жасаў орнындағы Мәмлекетлик хызметлер орайына өзи келген жағдайда әмелге асырылады және орай хызметкери тәрепинен электрон тәризде сораўнама толтырылады.

Сораўнамаға төмендеги ҳүжжетлер қосымша етилиўи керек:
- туўылғанлық ҳаққындағы медициналық мағлыўматнама;
- ата-аналардың шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер;
- неке дүзилгени ҳаққындағы гүўалық.

Мәмлекетлик хызмет ушын ең кем айлық мийнет ҳақының 15 проценти муғдарында (30 409 сум) герб төлеми өндириледи.

Төмендегилер мәмлекетлик хызметти көрсетиўден бас тартыўға тийкар болады:
- сораўнамада надурыс мағлыўматлар көрсетилиўи;
- ҳүжжетлер толық усынылмағаны;
- мәмлекетлик хызметти көрсетиў ушын төлемди төлемеў жағдайы болғанда.

Орай хызметкери тәрепинен ҳүжжетлер рәсмийлестирилип 2 саатта тийисли ПҲАЖ бөлимшелерине усынылады.
ПҲАЖ бөлимшелери ҳүжжетлерди алғаннан соң 2 жумыс күнинде балаға туўылғанлық ҳаққындағы акт жазыўын рәсмийлестиреди және 1 саатта Мәмлекетлик хызметлер орайына жибереди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған