Telegram karinform

Спорт

  • 19.02.2019 17:56
  • 1815

Жазғы ҳәм қысқы олимпиада ойынларында алтын медаль алған бирден-бир спортшы ким екенлигин билесиз бе?

Жазғы ҳәм қысқы олимпиада ойынларында алтын медаль алған бирден-бир спортшы ким екенлигин билесиз бе?
Эдди Иган – өзгеше спортшы. Ол жазғы ҳәм қысқы олимпиада ойынларында жеңимпаз болған бирден-бир адам болып табылады.
1897-жылы АҚШтың Денвер қаласында әпиўайы хызметкердиң шаңарағында дүньяға келген Иган (толық аты Эдвард Патрик Фрэнсис Иган) кишкене ўақтынан баслап спортқа жақын болған.
Бирақ, Эдди боксқа тосаттан кирип келген. Заводта ислеп жүрген ўақтында боксқа қызығып, оның сырларын үйрене баслайды. Күнлердиң биринде 15 жаслы өспирим завод бригадири Болт пенен келисе алмай, оны мушы менен урады. Ири денели қарсыласын бир соққы менен қулатқан Эдди Иганды завод жумысшылары «Чемпион» деп атай баслайды. Мийнет жәмәәтлери арасында өткерилген бокс жарысларына турақлы қатнаса баслайды. Усылайынша оның туўылған қаласында аты белгили бола баслайды.
Бирақ, ол спортты емес, оқыўды таңлайды. Денвер университетинде бир жыл ҳуқық бойынша билим алып, 1917-жылы Биринши жер жүзилик урысқа атланады. Францияда бир жылға шамалас әскерий хызметте болады. Бир күни Эдди сержант пенен келиспей қалып, екеўи мушласып кетеди. Офицерлер сержантты соққысы менен қулатқан Эддиди жазалаўдың орнына, бокс бойынша өткерилип атырған жарысқа жибереди. Парижде аўқамлас мәмлекетлер арасында өткерилген жарыста Эдди жеңимпаз бола алмаса да, өз қәбилетин тамашагөйлерге көрсете алады.
Ол урыстан қайтқаннан соң да спортты таслап қоймайды. Оқыў менен спортты қатар алып жүрген Иган ҳәўескерлер арасында аўыр салмақтан теңсиз болады.
Жазғы ҳәм қысқы олимпиада ойынларында алтын медаль алған бирден-бир спортшы ким екенлигин билесиз бе?
Эддидиң бул қәбилетин көрген тренерлер оны сайланды командаға шақыртып, олимпиадаға таярлай баслайды.
1920-жылы Антверпенде болып өткен олимпиадаға қатнасқан Иган 79,4 кг салмақ категориясында алтын медальды қолға киргизди.
Олимпиада чемпионы оқыўды да умытып қоймады. Олимпиада ойынларынан соң Оксфорд университетиниң адвокатура қәнигелигин питкереди. Төрт жылдан кейин Эдди және бир мәрте олимпиадаға қатнасады. Бирақ, әўмети келиспей, биринши жекпе-жегиниң өзинде жеңилиске ушырайды. Солай болса да, ол боксты тасламайды, дүньяны аралап, ҳәўескерлер арасында жекпе-жеклерди өткерип турды.
Пегги Колгейт исимли қыз бенен шаңарақ қурғаннан соң Эдди спорт пенен хошласады ҳәм адвокатура мәкемесин ашып, адвокат сыпатында жумыс ислейди.
Бирақ, арадан бир неше жыл өткеннен кейин қысқы спорт түрлери бойынша Лейк-Плэсидеги олимпиадаға үш ҳәпте қалғанда бобслей бойынша сайланды команда қурамына шақырыў алады. 1932-жылы болып өткен қысқы олимпиадада Эдди тәжирийбели қатарлас спортшылары менен алтын медальды қолға киргизеди.
Жазғы ҳәм қысқы олимпиада ойынларында алтын медаль алған бирден-бир спортшы ким екенлигин билесиз бе?
Усылайынша Эдди спорт тарийхында жазғы ҳәм қысқы олимпиада ойынларында еки түрли спорт түринен теңсиз болған биринши ҳәм ҳәзирге шекем бирден-бир адамға айланды.
Буннан кейин жазғы ҳәм қысқы олимпиада ойынларында медель алған спортшылар болды. Олар трамплиннен шаңғыда секириў ҳәм желқомлы кеме спортынан норвегиялы Якоб Туллин Тамс, конкиде жуўырыў ҳәм велоспорттан германиялы Криста Лудинг-Ротенбургер, конкиде жуўырыў ҳәм велоспорттан канадалы Клара Хьюз, жеңил атлетика ҳәм бобслейден америкалы Лорин Уильямслар болып, бирақ, олар еки спорт түри бойынша да алтын медальға ийе болмаған.
Эдди Иганның бул нәтийжеси усы күнге шекем теңсиз болып қалмақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

20-декабрь күни Қарақалпақстанда қандай ҳаўа райы бақланады?

20-декабрь күни Қарақалпақстанда қандай ҳаўа райы бақланады?

Уқсас жаңалықлар

Денениң суўсызланғанлығын анықлайтуғын тест

Денениң суўсызланғанлығын анықлайтуғын тест

    Организмде суў дәрежеси жетерли екенлигин анықлаў ушын әпиўайы тест бар. Қол терисин әсте шымшып, соң

Бала пулын алып атырған шаңарақта балалардың саны көбейсе не болады?

Бала пулын алып атырған шаңарақта балалардың саны көбейсе не болады?

    Министрлер Кеңесиниң 654-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, – Балалар напақасы тайынланған шаңарақта балалар саны

Баланың атын ҳәм фамилиясын өзгертиў мүмкин бе?

Баланың атын ҳәм фамилиясын өзгертиў мүмкин бе?

Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексиниң 70-статьясына муўапық, Пуқаралық жағдайы гүўалықларын дизимге алыў органы ата-ананың биргеликтеги арзасына бола...