Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.02.2019 16:30
  • 1383

Арал бойы аймақларын тиклеўде Бирлескен Араб Әмирликлери тәжирийбеси қолланылады


20-февраль күни Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Арал бойы халықаралық инновациялық орайының 6 қәнигеси Бирлескен Араб Әмирликлериниң Дубай қаласында жайласқан Шорланыў шараятында биодийқаншылық халықаралық орайының (ICBA) бас офисине илимий әмелият алып барыў мақсетинде сапарға жөнеп кетти. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.
Жас қәнигелердиң стажировкасы Инновациялық раўажланыў министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилди.
Олар өз тараўлары бойынша зәрүрли билимлерди алып, БАӘда қолланылып атырған инновациялық технологияларды үйренеди және ийелеген тәжирийбелерин Арал бойы аймақларын тиклеўге бағдарланған комплексли жумысларды әмелге асырыўға қолланады.

Қәнигелер бир ярым айлық сапар даўамында Бирлескен Араб Амирликлериниң Абу-Даби қаласындағы Масдар Сити экоқаласы менен танысады, агробизнес ушын табыслы инкубаторларды шөлкемлестириў, суў ҳәм топырақ өнимдарлығын арттырыў бойынша инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм басқа бағдарларда оқыў-әмелият курсларынан өтеди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...