Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.02.2019 17:49
  • 1010

НМПИге 4000 ға шамалас жаңа оқыўлық қолланбалар ҳәм сабақлықлар алып келинди


Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының мәлимлеме-ресурс орайына 96 атамадағы 3970 дана жаңа оқыўлық қолланбалар, сабақлық ҳәм көркем әдебиятлар алып келинди.
- Алып келинген жаңа китаплар ең соңғы мағлыўматлар тийкарында латын әлипбесинде баспадан шығарылған, - дейди институттың мәлимлеме-ресурс орайы директоры Яқыпбек Генжемуратов. – Ҳәзирги ўақытта алып келинген оқыўлық қолланбалар ҳәм сабақлықлар студентлердиң билимлендириў процесинде жаңа шеклерге қарай умтылыўына, жаңа билимлерди өзлестириўине жәрдем береди.

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2018-жыл 25-декабрьдеги хатына тийкарланып сатып алынған китаплар латын графикасындағы 38 атамадағы 1779 дана оқыўлық қолланба, 59 атамадағы 2194 дана сабақлық және 55 дана көркем әдебиятлардан ибарат.
Мағлыўмат ушын, институттың мәлимлеме-ресурс орайының улыўмалық китап фонды 137 876 данадан ибарат болып, үзликсиз тәризде жаңа әдебиятлар менен толықтырып келинбекте.

Өткен жылы китап фондына 215 атамадағы 1435 дана жаңа әдебиятлар қосылған еди.
Ҳәзирги ўақытта мәлимлеме-ресурс орайына 8403 китап оқыўшысы ағза болып есапланады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған