Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.02.2019 17:44
  • 1730

Қарар: Қарақалпақстанда Президент мектеби шөлкемлестириледи. Мектептиң тийкарғы ўазыйпалары қандай?


Өзбекстан Республикасы Президенти «Президент мектеплерин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарға қол қойды. Ҳүжжеттиң толық тексти ӨзАда келтирилген.
Қарар тийкарында Қарақалпақстан Республикасында, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мәкемеси формасындағы Президент мектеплери шөлкемлестириледи.

Төмендегилер Президент мектеплериниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленди:
- қәбилетли балаларды анықлаў, таңлаў ҳәм оқытыў, олардың ҳәр тәреплеме раўажланыўы ушын шараятлар жаратыў, сондай-ақ, оқыўшылардың интеллектуаллық, илимий ҳәм дөретиўшилик потенциалын ашып бериў;
- тәбийғый ҳәм анық пәнлерди терең үйрениў, шет тиллери, инженерлик ҳәм мәлимлеме технологияларын өзлестириўди шөлкемлестириў, оқыўшылардың инновациялық идеялары ҳәм исленбелерин раўажландырыў ушын зәрүрли шараятларды жаратыў;
- оқыўшыларды оқытыў ҳәм олардың билимин баҳалаўдың заманагөй методларын, сондай-ақ, билимлендириў бағдарламаларының интеграцияласыўына тийкарланған оқытыўдың илимлер аралық қатнасын енгизиў ҳәм кейин ала унамлы тәжирийбени республикалық халық билимлендириў системасына енгизиў;
- оқыўшыларды кәсип-өнерге бағдарлаў, оларда жетекшилик көнликпелери ҳәм ораторлық өнерин раўажландырыў, сын көз-қарастан пикирлеў, мәлимлемени излеў, анализлеў ҳәм қайта ислеў, ийеленген билимлерди әмелиятта қоллаў көнликпесин арттырыў;
- оқыўшылардың улыўма билим бериў пәнлери бойынша халықаралық олимпиадалар, таңлаўлар ҳәм жарысларда мүнәсип түрде қатнасыўын тәмийинлеў;
- оқыўшыларда ўатан сүйиўшилик ҳәм Ўатанға болған муҳаббат сезимин, кеңпейиллик, нызамлар, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет пенен қатнасты, турмысқа беккем исеним ҳәм көз-қарасларды қәлиплестириў;
- оқыў бағдарламаларының үзликсизлигин тәмийинлеў мәселелеринде усы жөнелистеги миллий ҳәм сырт еллердиң улыўма орта билим бериў мәкемелери менен бирге ислесиўди жолға қойыў, питкериўшилердиң алдынғы сырт ел жоқары оқыў орынларына ҳәм олардың республикамыздағы филиалларында оқыўын даўам еттириў.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында