Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.02.2019 19:13
  • 1328

БМШның «Жаслар ҳуқықлары ҳаққында»ғы конвенция жойбары додаланды

БМШның «Жаслар ҳуқықлары ҳаққында»ғы конвенция жойбары додаланды
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының киши мәжилислер залында Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң «Жаслар ҳуқықлары ҳаққында»ғы конвенция жойбарын үгит-нәсиятлаўға арналған дөңгелек стол әтирапындағы сәўбетлесиў кешеси болып өтти.
Илажға Қарақалпақстан Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы баслығының орынбасары Ш.Аяпов, институттың тарийх-география факультети деканының жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша орынбасары М.Алланиязова, профессор-оқытыўшылар, студент-жаслар қатнасты.
Кешени институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров басқарып барды.
БМШның «Жаслар ҳуқықлары ҳаққында»ғы конвенция жойбары додаланды
БМШның «Жаслар ҳуқықлары ҳаққында»ғы конвенция жойбары додаланды
Илажда қәнигелер тәрепинен атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев БМШның 72-сессиясында тарийхый баянат жасады ҳәм дүнья жүзи халықларына өз пикир ҳәм усынысларын билдирди. Булар қатарында жаслар мәселелерине арналған усыныслары дүньялық әҳмийетке ийе болды.
Президентимиз ҳәзирги күнде адамзат тарийхындағы ең көп жаслар қатламы менен жасап атырғанымызды есапқа алған ҳалда БМШ минберинде Жаслар ҳуқықлары ҳаққындағы БМШ конвенциясын қабыл етиўди усыныс етти. Елимиз Президенти буған тийкар етип, жаслардың саны еки миллиардтан артып кеткенлиги, халықаралық терроризм ҳәм экстремизм жеделлик пенен өсип баратырған бир ўақытта жасларға қорған зәрүрлигин әҳмийетли факторлар сыпатында көрсетти.
БМШның «Жаслар ҳуқықлары ҳаққында»ғы конвенция жойбары додаланды
Президент дүнья жаслары арасында зорлық идеясы тарқалыўының алдын алыў кереклигин, олардың ҳуқық ҳәм мәплерин, турмыс дәрежесин социаллық жақтан қорғаў ушын дүнья халықларынан ҳәр тәреплеме бирге ислесиў басламасы соралыўын атап өтти. Жаслар ҳуқықларын бир нормада белгилеў ҳәм оны қорғаў глобалласыў ҳәм мәлимлеме технологиялық раўажланыў дәўириниң әҳмийетли шәрти екенлиги атап өтилди.
«Бул конвенцияға қол қойған ағза мәмлекетлер социаллық сиясатында жаслар мәселесин әҳмийетли бағдар сыпатында көрип, миннетлемесиндеги жуўапкершилигин атқарыўы керек», - деп пикир билдирген еди Шавкат Мирзиёев.
Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен усы жылдың февраль айы даўамында Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги және Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы менен биргеликте институт жаслары арасында Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң «Жаслар ҳуқықлары ҳаққында»ғы конвенция жойбарын үгит-нәсиятлаўға арналған дөңгелек стол әтирапындағы сәўбетлесиў кешеси сораў-жуўаплар ҳәм додалаўлар менен даўам етти.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...