
Буннан алдын, боян өсимлиги, оның тамырының көплеген өндирислик кәрханалар ушын үлкен әҳмийетке ийе шийки зат екенлиги, халықаралық базарда ҳәр бир тоннасы кеминде 700-1000 долларға сатылатуғынлығы туўралы мағлыўматлар берген едик. Бул өсимликтиң тамыры ҳәзирги ўақытта республикамыздың экспортқа шығаратуғын санаўлы өнимлериниң бири болып есапланады, деп жазады Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы Ә.Жийемуратов.
Бирақ, Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң ҳәм басқа да тийисли уйымлардың алып барып атырған профилактикалық илажлары, рейд жумысларына қарамастан, айырым пуқараларымыз тәрепинен нызамсыз түрде боян тамырын қопарып алыў, эксковаторлар арқалы қазып алыў сыяқлы нызамбузыўшылықлар даўам етпекте.
– Боян өсимлиги тамыры арқалы егилип, 70-80 күн өткеннен кейин оның бийиклиги 15-20 сантиметрге жеткенде биринши суўғарыў жумыслары алып барылады,-дейди комитеттиң жетекши қәнигеси А.Айдарбеков. – Оны гүллеў дәўиринде суўғарыўға болмайды. Себеби, оның тамыр системасы жиңишкерип кетеди. Боянды жылына 3-4 мәрте суўғарыў жеткиликли. Оны бәҳәрде ҳәм гүзде егиўге болады.
Боян өсимлиги тамыры арқалы егилсе, арадан 4-5 жыл өтип жыйнап алынады. Оның тамырының өнимдарлығы гектарына 15-20 тоннаға шекем болады. Егер туқымы арқалы егилсе, оның тамыры 9-10 жылдан соң жетилиседи.
Боян тамырын жыйнап алыў тәртиби, республикамызда март айының екинши ярымы ҳәм гүз мәўсиминиң октябрь ҳәм ноябрь айларына туўра келеди. Жаз мәўсиминде жыйнап алынған боян тамыры күнниң ыссысында бөртип өзинен жағымсыз ийис шығарады ҳәм ширип кетеди. Солай етип, тамыр өзиниң жарамлылығын жойтады. Сондай-ақ, боян тамырын қыс мәўсиминде жыйнап алыўға да болмайды. Себеби, қыста жыйнап алынған тамыр күнниң күшли суўығында тоңлап, жарамсыз ҳалға келип қалады. Нәтийжеде, тамыр қарайып, жарамсыз болады.
Буннан басқа, боян тамырын эксковатор жәрдеминде алыўға да болмайды. Себеби, экскаватор сол жердеги өсимликтиң тамырын толық қопарып алады. Екиншиден, эксковатор менен алынған жер майданында екинши мәрте тамыр өсип шықпай қалады. Соның менен бирге, жер астында жатырған дузды жер бетине шығарып, топырақтың үстки бетиниң шорланыў муғдарының көбейиўине алып келеди.
Бирақ, берилген усыныс ҳәм көрсетпелерге қарамастан, оны орынламай, айырым мәкемелер ҳәм пуқаралар боян тамырын нызамсыз түрде ямаса белгиленген қағыйдаларға бойсынбастан қопарып алыў жумысларын еле даўам етпекте.
Атап айтқанда, қыс айы болыўына қарамастан, усы жылдың январь ҳәм февраль айының дәслепки он күнлигинде комитеттиң Биокөптүрлилик ҳәм қорғалатуғын тәбийғый аймақларды қорғаў бөлими тәрепинен усындай нызамбузыўшылықлар бойынша 63 факт анықланды. Нызамбузыўшылардан 20584 килограмм боян тамыры айғақлы зат ретинде алынып, олардың тәбиятқа ҳәмде мәмлекетке келтирген зыяны 41 729 941,8 сумға баҳаланды. Соннан 30 668 994 сум өндирилген.
Мәселен, усы жыл 13-февраль күни комитетимиздиң испекторлары тәрепинен өткерилген гезектеги рейд жумыслары барысында, Кегейли районы «Еркиндәрья» АПЖ аймағында «Гүжимтерек» МПЖның турғыны С.Б. Э-100 тракторының плугы жәрдеминде боян өсимлигиниң тамырын қопарып атырғанлығы анықланды. Тийисли ҳүжжетлерин сорағанымызда көрсете алмады. Боян тамырлары (1104 килограмм) тийисли тәртипте айғақлы зат ретинде алып қойылды. Оның өсимлик дүньясына келтирген зыяны 2 238 139,2 сумға баҳаланды. Ҳәзирги ўақытта бул пуқараға шара көрилмекте.
Усы жерде тағы бир әҳмийетли мәселени еслетип өтпекши едим. Белгиленген түрде республикамызда боян өсимлигин жыйнап алыўға болмайтуғын майданлар да бар. Олар – суў тармақларына киретуғын канал бойлары, тоғайлықлар, резерватлар, суў өтип туратуғын салмалардың жағалары, сондай-ақ, буфер зоналар (күшли электр тармақлары өтип турған жер майданлары, шегараға жақын жерлер, мәмлекеттиң есабында турған запастағы жер майданлары). Усы атап өтилген жер майданларынан тек район ҳәкиминен ямаса тийисли мәкемелерден рухсат алғаннан кейин жыйнап алыўға болады.
Республикамыздағы боян жетистириў менен шуғылланатуғын кәрханалар боян өсимлигиниң плантацияларын жаратыў, боян тамыры қазып алынған жерлерде оны тамыры арқалы егиў жумысларын жетилистирип, жумысларын системалы түрде алып барса, тәбиятымызда тең салмақлылықты сақлап қалыўға ерискен болар едик.
Сондай-ақ, боян тамыры менен шуғылланатуғын кәрханалар оны экспортқа шығарып атырған исбилерменлер белгили бир реже тийкарында боян өсимлигин жыйнап алыў тәртибин ислеп шығып, оны көбейтиў жумысларын алып барса, мақсетке муўапық болар еди.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


