Telegram karinform

Жәмийет

  • 22.02.2019 15:09
  • 1214

Арал бойынша 20 жыл жумысы тоқтап қалған комиссияның жумысы қайта тикленди


Қазақстан энергетика министриниң орынбасары Сабит Нурлыбай Арал теңизин сақлап қалыў бойынша Өзбекстан тәрепи менен биргеликте алып барылған жумыслар ҳаққында айтып берди. Бул ҳаққында Kazinform хабар берди.
«Ҳәммеге мәлим, Арал машқаласы СССР дәўиринен берли актуал болып табылады. Сол ўақытлары суўғарылатуғын жерлерди кеңейтиў жумысы басланған, нәтийжеде бүгингидей Арал теңизиниң қурыў машқаласы сыяқлы унамсыз ақыбетлер жүзеге келген. Ҳәзирги ўақытта қурып қалған теңиздиң түбинен ҳәр жылы ҳаўаға миллионлаған тонна дуз көтериледи. Теңиздиң қурыўы аймақтың экологиясы ушын унамсыз ақыбетлерди келтирип шығарды», - деди Сабит Нурлыбай Арал теңизи бассейниниң экономикалық, экологиялық ҳәм социаллық мәселелерин тәртипке салыў бойынша дөңгелек стол сәўбети даўамында.
Министр орынбасары ҳүкиметлер аралық шәртнамалар шеңберинде бул машқалаларды қоңсылас мәмлекетлер менен шешиў бойынша жумыслар алып барылып атырғанын атап өтти.
«1997-жылы Өзбекстан ҳәм Қазақстан қоршаған орталықты қорғаў тараўында ҳүкиметлер аралық келисимге қол қойған, комиссия дүзилген. Тилекке қарсы, 20 жыл даўамында бул комиссия ҳеш қашан ҳеш қандай илажлар өткермеген. Өткен жылдың сентябрь айында Ташкентке сапар еттим, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм суў сапасы бойынша биргеликте жумысшы топар дүздик. Бириншиден, оның қурамын тастыйықладық. Екиншиден, биз Өзбекстан-Қазақстан қоспа жумысшы топарының биргеликтеги уставын тастыйықладық. Үшиншиден, жақын үш жыллық жумыс жобасын дүзип алдық. Яғный, биз бул бағдарда жумыс басладық ҳәм комиссияның биринши жыйналысын өткердик», - деп қосымша етти Сабит Нурлыбай.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет