Telegram karinform

Технология

  • 22.02.2019 16:10
  • 1859

Боян жетистириўшилерге Өзбекстанға дронларды алып келиўге рухсат берилди


Боян ҳәм басқа дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеў шөлкемлери ассоциациясы ағзаларына 2024-жыл 1-январьға шекемги болған мүддетте ушыўшысыз ушыў аппаратларын алып кириўге рухсат берилди. Бул ҳаққында Министрлер Кабинетиниң қарарында атап өтилген, деп жазады Kun.uz.
Атап өтилиўинше, дронлар боян ҳәм басқа дәрилик өсимликлерди жетистириў, боян ҳәм басқа дәрилик өсимликлер плантацияларын қадағалаў және мониторингин алып барыў процесин нәтийжели басқарыўға жәрдем береди.
Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги жанындағы Пуқаралық авиациясы агентлиги зәрүрли ҳүжжетлер усынылған күннен баслап он күн мүддетте Ассоциация ағзаларына ушыўшысыз ушыў аппаратларынан пайдаланыўға рухсат бериў ҳаққында жуўмақ берилиўин тәмийинлейди.
Ассоциацияның боян ҳәм басқа дәрилик өсимликлер плантацияларын шөлкемлестиретуғын, сондай-ақ, боян ҳәм басқа дәрилик өсимликлерди қайты ислейтуғын ағзаларына 2024-жыл 1-январьға шекемги болған мүддетке:
А) Төмендегилерден:
- жер салығы, дәрамат салығы, юридикалық шахслардың мүлк салығы, бирден-бир салық төлеми, бирден-бир жер салығын төлеўден;
- өзлериниң өндирислик талаплары ушын республикада ислеп шығарылмайтуғын ҳәм алып келинетуғын технологиялық үскенелер, арнаўлы аўыл хожалығы техникалары, олардың аўысық бөлеклери, шийки затлар, соның ишинде, қурылыс материаллары, боян ҳәм басқа дәрилик өсимликлер туқымлары ҳәм нәллери, сондай-ақ, ушыўшысызушыў аппаратлары ушын бажыхана төлемлеринен (бажыхана жыйымлары буған кирмейди) азат етиў;
Б) Плантациялар шөлкемлестириў ушын егиў материалларын (туқым, нәллер) таярлаў (жыйнаў) мақсетинде рухсатнама алыў ушын жыйымлар төлемин кешиктириў тәризинде жеңилликлер берилди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған