Fast Company журналы инновациялық тараўда белсенди, нәтийжели жумыс алып барып атырған компаниялардың дизимин жәриялады.
Жыл сайын жәрияланып туратуғын рейтингде бир неше жылдан берли ең жақсылар қатарында болған компаниялар төменге түсип қалған. Солар қатарында Apple компаниясы да бар.
Журнал рейтингинде Қытайдың Meituan Dianping ең инновациялық компания деп табылды. Тағамларды жеткериў хызмети, ресторан, мийманхана бронлаў хызмети менен шуғылланатуғын Meituan Dianping 2018-жылдың биринши ярымында 33,8 миллиард долларлық суммаға 27,7 миллиард транзакция ислеген.
Бул рейтингде өткен жылы ең инновациялық компания деп табылған Apple болса, быйыл он жетинши орынға түсип кеткен.
Рейтингде Қубла-Шығыс Азиядағы Uber компаниясының аналогы Grab такси хызмети екинши орынды ийелеген, ал үшинши орынды АҚШ Миллий баскетбол лигасы ийеледи.
Миллий баскетбол лигасы ҳәр қыйлы технологиялық усылларды жаратыў арқалы бул рейтингке кирген. Анықлаў етип айтқанда, лига NBA 2K киберспорт лигасын ислеп шығыў арқалы жоқары нәтийжеге ерискен.
Булардан тысқары ең жақсы онлыққа Walt Disney кинокомпаниясы, Stitch Fix қосымшасы, Sweetgreen ресторан тармағы, Apeel Sciences компаниясы, Square төлем сервиси, Twitch стриминг видеосервиси кирген.
Қытайдың дүньяға белгили Alibaba интернет-ритейлери рейтингде он бесинши орынды ийелеген.
Fast Company журналы рейтингди ислеген ўақтында компаниялардың тиккелей өндириске, мәдениятқа тәсирин тийкарғы өлшем сыпатында алып қараған.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz