Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.02.2019 13:44
  • 1319

Абитуриентлерден «бир минимальный»дан жыйналса, неше сум жыйналыўы мүмкин? Олар нелерге сарпланады?


23-февраль күни Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлигинде «Жоқары билимлендириў мәкемелерине тест сынақлары арқалы қабыллаў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарардың жойбары бойынша Мәмлекетлик тест орайы ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери арасында баспасөз конференциясы өткерилди.
Қарар жойбарында өткен жылы ҳәм оннан алдынғы дәўирде оқыўын питкерген абитуриентлер тест сынақларында қатнасыўы ушын ең кем айлық мийнет ҳақының бир есеси муғдарында (ҳәзирги ўақытта бул сумма 202 730 сумға тең) төлемди әмелге асырыў тәртиби усыныс етилмекте.
Енди буны өткен жылғы көрсеткиш пенен есаплап көрейик. 2018-2019-оқыў жылында жоқары оқыў орынларындағы жәми 82 900 орынға 679 979 абитуриент ҳүжжет тапсырған. 597 079 абитуриент кириў имтиханларынан өте алмаған.
Усы тесттен өте алмағанлар быйылғы жылы да ҳүжжет тапсырып, ең кем айлық мийнет ҳақының бир есеси муғдарында төлем әмелге асырғанда, олардан жәми 121 млрд сум келип түседи екен. Бул 14 млн 240 мың АҚШ долларына тең көрсеткиш болады. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.
Жойбарда кириў имтиханы процесинен түскен қаржылар имаратлардың ижара төлемине, үлкен қуўатлылықтағы кондиционерлер, шахсты анықлаў ҳәм бақлаў камерасы, ата-аналар ушын мониторлар менен үскенелеўге, сондай-ақ, абитуриентлерди ишимлик суўы ҳәм ручка менен тәмийинлеўге сарпланатуғынлығы ҳаққында атап өтилген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған