Қәнигелердиң мағлыўмат бериўинше, дүнья жүзинде ҳәр жылы 100 мыңнан аслам жер силкиниўлери бақланады екен. Олардың көпшилиги күшсиз, тек ғана сейсмограф арқалы анықланатуғын силкиниўлерден ибарат болса, айырымлары көплеген жерлерге ўайраншылық келтиреди. Төменде дүньядағы ең күшли жер силкиниўлери ҳаққындағы мағлыўматлар менен танысыўыңыз мүмкин.
1. Гаити жер силкиниўи2010-жыл 12-январьда жергиликли ўақыт бойынша саат 16:53 те Гаитиде жер силкиниўи жүз берди. Бул Гаити атаўындағы ең күшли жер силкиниўи болды. Оның эпицентри мәмлекет пайтахты Порт-о-Пренстен 22 км қубла-батыста болған. Магнитудасы 7 ге тең бир неше, 15 ке тең болған бес ири детонация бақланған. Жер силкиниўи Кариб ҳәм Арқа Американың литосфералық плитасының ҳәрекетлениўинен жүзеге келген. 2010-жыл 18-мартта жүз берген атапшылық ақыбетинде 222 570 адам қайтыс болып, 311 мың адам жарақатланған, 869 адам бийдәрек жойтылған. Мыңлаған турақ жай, емлеўханалар ўайран болған. 3 миллионға шамалас адам баспанасыз қалған. Мәмлекет пайтахты бир күнниң ишинде бүлгиншиликлер арасында қалды.
2. Ашхабад жер силкиниўиАшхабад жер силкиниўи 1948-жылы 5-октябрьден 6-октябрьге өтер түнде саат 01:14 те болған. 9-10 баллық бул жер силкиниўи Ашхабадтың 90% ин ўайран еткен. Мағлыўматларға қарағанда, 110 мыңға шамалас адам қайтыс болған. Бирақ, 2010-жылы Түркменстан президенти жер силкиниўи ақыбетинде 176 мың адам өмирден көз жумғанын айтып өткен. 1995-жыл 6-октябрьден баслап бул күн жер силкиниўде қайтыс болғанларды еске алыў күни деп белгиленген.
3. Сычуан жер силкиниўиБул жер силкиниўи Сычуан провинциясында 2008-жыл 12-майда жүз берген. Қытай сейсмологиялық бюросының мағлыўматларына қарағанда, жер силкиниўиниң магнитудасы 8 ге тең болған, ал АҚШ геологиялық хызмет орайының мағлыўматларында бул 7,9 деп көрсетилген. Жер силкиниўиниң эпицентри провинция пайтахты Чэнду қаласынан 75 км узақлықта болған. Силкиниў Пекин ҳәм Шанхай қалаларына да сезилген. Соның менен бирге, Ҳиндстан, Пакистан, Таиланд, Вьетнам, Бангладеш, Непал, Монголия ҳәм Россия сыяқлы қоңсылас мәмлекетлерге де сезилген. 2008-жыл 4-августта жәрияланған рәсмий мағлыўматта жер силкиниўи ақыбетинде 69 197 адам қайтыс болып, 18 мың адам бийдәрек жоғалған, 288 431 адам жарақат алған деп көрсетилген.
4. Мессин жер силкиниўи1908-жылы 28-декабрьде Мессин қолтығы ҳәм Сицилия және Апеннин ярым атаўы арасында жүз берген. Ақыбетинде Мессин ҳәм Реджо-Калабрия қалалары ўайран болған. Бул Европадағы ең күшли жер силкиниўи деп баҳаланған. Силкиниў 28-декабрь күни саат таңғы 5:20 де Мессин қолтығы түбинде басланған. Қолтық түбинде басланған детонация 15-20 минуттан қайталанған бийиклиги үш метрлик үш цунамиди пайда еткен. Екинши мәрте силкинген ўақытта имаратлар қыйрап қалған. Сицилия ҳәм Калабария атаўларындағы жигирмаға шамалас посёлкалар ўайран болған. Мессин қаласының 60 000 адамы қайтыс болған. Калабария жағалаўының еки аўылы турғынларының 43,7% и өмирден көз жумған.
5. Уллы Чили жер силкиниўиАйырым дәреклерде «Вальдивия жер силкиниўи» деп аталған дүньядағы ең күшли жер силкиниўи. Бул 9,5 баллық апатшылық 1960-жылы 22-майда саат 19:11 де Чилиде жүз берген. Жер силкиниўиниң эпицентри Вальдивия қаласының жанында болғанды. Бийиклиги он метр болған цунами жер силкиниўинен жүзеге келип, эпицентрден он мың километр қашықлықта жайласқа Хило қаласын, Японияның айырым жағалаўларына шекем де жетип келген. Ақыбетинде 6 мыңға шамалас адам қайтыс болған. Ярым миллиард АКШ доллары муғдарында зыян жеткен.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz