Telegram karinform

Жәмийет

  • 27.02.2019 11:03
  • 1385

Өзбекстан ҳаўа жоллары ишки рейслер ушын шегирмелер жәриялады


«Uzbekistan Airways» авиакомпаниясы Наўрыз байрамы белгиленетуғын 21-24-март күнлерине ишки рейслерге шегирмелер жәриялады. Авиакомпания баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, байрам шегирмелери төмендеги адамларға бериледи:
- жеке адамларға – 30 процент;
- туристлер топары (бес адамнан аслам), мектеп оқыўшылары, колледж, лицей ҳәм жоқары оқыў орынларының студентлери, ИИМ, Қорғаныў министрлиги, МХХ, Мәмлекетлик салық комитети, Мәмлекетлик бажыхана комитети ҳәм басқа мәкемелер системасындағы арнаўлы билимлендириў мәкемелериниң оқыўшылары және тыңлаўшылары – 40 процент;
- шаңарақлар (еки адамнан – ерли-зайыплы, күйеўи, ҳаялы ҳәм олардың 18 жасқа шекемги болған перзентлери; 18 жасқа шекемги болған перзенти менен әкеси ямаса анасы) – 50 процент;
- пенсионерлер ҳәм майыплығы болған адамлар – 50 процент;
- 1941-1945-жыллардағы урыс қатнасыўшылары ҳәм оларға теңлестирилгенлер, сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыс жылларында орден ҳәм медальлар менен сыйлықланған адамлар – 50 процент;
- Чернобыль АЭС апатшылығы ақыбетлерин сапластырыўға қатнасқанлар – 50 процент.
«Шегирмелер көрсетилген мүддеттеги күнлерде барлық жергиликли рейслер ушын әмел етеди. Шегирмели авиабилетлерди рәсмийлестириў шегирмелерди алыў ҳуқықын беретуғын тийисли ҳүжжетлерди усынған жағдайда «Өзбекстан ҳаўа жоллары» Миллий авиакомпаниясының рәсмий офислеринде әмелге асырылмақта», - деп жазылған хабарда.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған