Telegram karinform

Жәмийет

  • 27.02.2019 12:30
  • 1552

Қарақалпақстан тарийхында биринши мәрте «Арал қызлары» ҳаял-қызлар журналының шөлкемлестириўшиси ким?

Қарақалпақстан тарийхында биринши мәрте «Арал қызлары» ҳаял-қызлар журналының шөлкемлестириўшиси ким?

Жақынласып киятырған «8-март – Халық аралық ҳаял-қызлар байрамы» мүнәсибети менен сайтымыз арқалы өзлериниң қунлы дөретпелерин ғалаба хабар қураллары арқалы жәриялап, ықласбентлерине ийе болған ҳәм жетискенликлерге ерискен журналист ҳаял-қызлардың дөретиўшилиги туўралы мағлыўматларды дыққатыңызға усынып барыўды мақул деп таптық. Буны ең дәслеп Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Гүлайша Есемуратовадан баслаўды уйғарып отырмыз.
Гүлайша Есемуратова 1930-жылы 18-февральда Шымбай районында туўылды. 1951-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын тамамлап, дәслепки хызмет жолын «Жас Ленинши» (ҳәзирги «Қарақалпақстан жаслары») газетасында бөлим баслығы болыўдан баслады. 1957-1960-жыларда «Жеткиншек» газетасында, соң «Әмиўдәрья» журналында бөлим баслығы лаўазымында иследи. 1991-жылы Қарақалпақстан тарийхында биринши мәрте «Арал қызлары» ҳаял-қызлар журналын шөлкемлестирди. Оның 1969-жылы «Кесте», 1972-жылы «Халмурат жүргиш», «Дәстурхан», 1980-жылы «Айдай қыз», «Арыўлар», «Қызым саған айтаман», 1981-жылы «Дүўдендеги дәптер», «Жийрен», 1995-жылы «Шығармаларының I томы», 1997-жылы «Шығармаларының II томы», 2006-жылы «Бәри өмир ҳаққында», 2018-жылы «Шығармаларының V томы» баспадан шықты. 1972-жылдан Өзбекстан Жазыўшылар дөретиўшилик аўқамы ағзасы. 1983-жылы «Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери», 1993-жылы «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери», 2011-жылы «Қарақалпақстан халық жазыўшысы» атақларына мүнәсип деп табылды.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған