Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.02.2019 17:08
  • 1297

Қарақалпақстанда математикадан өзлестириў дәрежеси төмен. Бирақ, Ташкент қаласынан еки есеге көп


28-февраль күни өз жумысын баслаған Сенаттың улыўмалық мәжилиси жыйналысында Ниғматилла Йўлдошев мектеп сабақлықларының таярланыўын сынға алды. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.
Сондай-ақ, Сенат баслығы мектеп оқыўшыларының мәмлекетлик тил, ана тилин жақсы билмейтуғынлығын атап өтти. Мәселен, 8-класс оқыўшыларының ана тилинен өзлестириў дәрежеси мәмлекет бойынша 72 процент, 9-класс оқыўшыларының математикадан өзлестириўи болса 54 процентти қурайды.
«Әсиресе, ана тилинен өзлестириў Ташкент қаласында 58 процентти, Наманган ўәлаятында 32 процентти, математикадан өзлестириў Қарақалпақстанда 26 процент, Наманган ўәлаятында 23 процент, Ташкент қаласында 13 процентти қурағаны тәшўишли жағдай», - деп атап өткен Сенат баслығы.
Парламент билимлендириў сапасы, оның тийкарында пүткил миллет келешегине байланыслы болған усы мәселелер ҳәм машқалалар көлеми оғада кеңлиги, олар бойынша жуўапкер министрлик және ведомостволар, илимпаз ҳәм әмелиятшылар, экспертлер, сондай-ақ, кең жәмийетшилик мүнәсибети әҳмийетли екенлигин есапқа алып, улыўма билим бериў мектеплериниң сабақларын таярлаўдың бүгинги жағдайы бойынша бир неше сораўлар баян етилген парламентлик сораўды Бас министрдиң орынбасарына жоллаўды мақул деп тапты.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...