Telegram karinform

Сиясат

  • 05.09.2017 12:40
  • 2385

Рамзан Кадыров Мьянмадағы қырғынға байланыслы сөзи бурмаланғанын билдирди



Чеченстан жетекшиси Рамзан Кадыров РФ президенти Владимир Путинге Мьянмадағы мусылманларға көрсетилип атырған зорлықты айыплағаны ушын миннетдаршылық билдирип, дүнья жүзин буған бийпарқ болмаўға шақырды, деп хабар тарқатты Life.ru басылымы.
Бирнеше мәрте президентимиздиң ҳадал сарбазы екенимди айтқан едим. Жоқарғы бас командирдиң ҳәр қандай буйрығын орынлаўға ҳәм сол жолда өз өмиримнен ўаз кешиўге де тайынман. Ал мениң сөзимди бурмалап, бийгүнә адамлардың өлимин күлки астына алғанлар моральлық жақтан шаршаған, - деп айтып өткен Кадыров Телеграм тармағындағы каналында.
Кадыров Мьянмадағы қанлы қырғын ўақтында ҳеш нәрсе демей, қуры қарап турған ғалаба хабар қуралларын айыплап, «егер Россия қырғын келтирип атырған сол шәйтанларды қоллап-қуўатлайтуғын болса, мен Россияның позициясын мақулламайман» деген еди. Чеченстан жетекшисиниң бул гәпин айрым ҒХҚлар «Кадыров Россияға қарсы шықпақшы» деп бурмалаған еди.
Рамзан Кадыров Мьянмадағы қырғынға дүнья жәмийетшилигиниң үндемей қарап турғанын да сынға алды:
«Әпиўайы халық ири сиясий ойынлардың қурбаны болып қалады. Ал мәмлекет басшылары – бул ойынлардың тутқыны. XXI әсирде мәмлекетлер, ҳуқық қорғаў уйымлары, дүнья жүзинде парахатшылықты қоллап-қуўатлайтуғын ири шөлкемлер бул қанлы қырғынға, инсан ҳуқықларының бузылыўыына көз жумып отыр».

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

    Пенсия қоры Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек екенлиги ҳаққында усыныслар

Дийқанлардың тәбийий апатлар ҳәм басқа да қәўиплерден көретуғын зыянларын қаплаўдың жаңа системасы жаратылады

Дийқанлардың тәбийий апатлар ҳәм басқа да қәўиплерден көретуғын зыянларын қаплаўдың жаңа системасы жаратылады

    Аўыл хожалығы қамсызландырыўына байланыслы жаңа илажлар: ➖ Зыян муғдары ғәрезсиз экспертлер тәрепинен баҳаланады; ➖ Мәмлекет

Өзбекстанда азық-аўқат өнимлери қурамындағы трансмайларды анықлаў басланады

Өзбекстанда азық-аўқат өнимлери қурамындағы трансмайларды анықлаў басланады

    Азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўда трансмайлардан пайдаланыўдың шекленген муғдарларын белгилеў бойынша санитария қағыйдалары ҳәм нормалары ЖСШ