Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.03.2019 11:07
  • 1363

Әскерий оқыў орынларына оқыўға кириў ушын қандай ҳүжжетлер керек?


Өзбекстан Қорғаныў министрлиги жоқары әскерий билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириўди қәлейтуғын талабанлар тәрепинен қорғаныў ислери бойынша бөлимлерге төмендеги ҳүжжетлер усынылады:
- арза;
- паспорт нусқасы;
- туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалықтың нусқасы;
- шақырылыўшының дизимге алынғаны ҳаққындағы гүўалық ямаса әскерий гүўалығы;
- талабан тәрепинен қолда ямаса компьютерде жазылған өмирбаян;
- анкета (толықтырылған формада);
- оқыў, жумыс (хызметти атқарыў) егер оқып атырған ямаса жумыс ислеп атырған (хызметти атқарып атырған) болса сол орыннан мағлыўматнама;
- ата-анасының жумыс орнынан мағлыўматнама (егер жумыс ислеп атырған болса);
- ата-анасынан перзентиниң жоқары әскерий билимлендириў мәкемесине оқыўға кириўине разылық хаты;
- мағлыўматы ҳаққындағы (улыўма орта, орта арнаўлы, кәсип-өнер) ҳүжжетлер (тийкарғысы ҳәм нусқасы) және рейтинг дәптершеси (баҳалар табели) нусқасы;
- жоқары әскерий билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириўде жеңилликлерден пайдаланыў ҳуқықын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер (тийкарғысы ҳәм нусқасы);
- жақын ағайинлер арасында қайтыс болғанлар болса, олардың өлими ҳаққындағы гүўалығының нусқасы;
- 3х4 см өлшемдеги 6 дана фотосүўрет (бас кийимсиз ҳәм мүйешсиз) және 4,5х6 см өлшемдеги 4 дана фотосүўрет (бас кийимсиз);
- талабанның жасаў орнындағы аймақлық ишки ислер уйымынан жынайы жуўапкершиликке тартылмағаны ҳәм судланбағаны ҳаққындағы мағлыўматнама (контракт бойынша әскерий хызметкерлер бул мағлыўматнаманы усыныўы талап етилмейди).

Талабаннан айырым ҳүжжетлерге анықлық киргизиў ушын қосымша тәризде зәрүрли ҳүжжетлер ҳәм мағлыўматлар талап етилиўи ямаса тийисли шөлкемлерден сорап алыныўы мүмкин.
Талабанлар тәрепинен ҳүжжетлерди усынғанда паспорт, туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалық, шақырылыўшының дизимге алынғаны ҳаққындағы гүўалық ямаса шақырылыўшының әскерий гүўалығының түп нусқасы көрсетиледи.
Жоқары әскерий билимлендириў мәкемесиниң қабыллаў комиссиясы талабанлар белгиленген қағыйдаларға, әскерий ҳәм хызмет тәртибине әмел етпеген жағдайда оларды оқыўға қабыл етиў бойынша таңлаўдың қәлеген басқышында шетлетиў ҳуқықына ийе.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған