Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.03.2019 15:25
  • 1166

Және бир неше спорт түрлери бойынша жеңимпазлар жоқары оқыў орынларына имтихансыз қабыл етилетуғын болды


Ҳүкиметлик қарар тийкарында халықаралық ҳәм республикалық олимпиадалар, таңлаўлар, жарыслардың жеңимпазлары болған академиялық лицейлер, кәсип-өнер колледжлери ҳәм улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшыларын сыйлықлаў тәртиби ҳаққындағы уставқа қосымшалар киргизилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.
Киргизилген қосымшаларға муўапық, спорттың техникалық ҳәм әмелий түрлери, автомобиль ҳәм мотоцикл спорты, авиамодель ҳәм ракетамодель бойынша республикалық жарысларда биринши, халықаралық жарысларда биринши, екинши, үшинши орынларды ийелеген оқыўшылар жоқары оқыў орынларына тест сынақларысыз және қосымша имтиханларсыз оқыўға қабылланады.
Алдын бундай жеңиллик тек ғана спорттың олимпия түрлери, гүрес, шахмат-шашка бойынша жарыс жеңимпазларына берилетуғын еди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған