Институттың шет тиллери факультети немис тили кафедрасы тәрепинен шөлкемлестирилген байрамда мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультетиниң қәбилетли студентлери белсендилик көрсетти.
Кешеде студент-жаслар немис халқының миллий қосықлары, аяқ-ойынларын атқарып, немис тилиндеги нақыл-мақаллар, жумбақлар берип, кеше мийманлары арасында ҳәр қыйлы ойынларды өткерди, сондай-ақ, өзлериниң немис тили бойынша ийелеген көнликпелерин немис тилиндеги халық ертегин сахналастырып, көрсетип берди.
Байрам кешесинде көп миллетли мәмлекетимиздеги ҳәр қыйлы халықлардың көркем өнер үлгилери сахналастырылды.







Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz