Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.03.2019 11:45
  • 934

Азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында қандай машқалалар бар?


Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын додалаў порталында Министрлер Кабинетиниң «2019-2024-жылларда мәмлекетте азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң миллий бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарар жойбары орналастырылды.
Ҳүжжетте жазылыўынша, мәмлекетте азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында бир қанша машқалалар сақланып қалмақта. Атап айтқанда:
- бириншиден, халықты азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў бүгинги күнге шекем ҳәр қыйлы дәрежеде тастыйықланған аграр тараўды раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде әмелге асырылып, бирден-бир мәмлекетлик бағдарлама ислеп шығылмаған;
- екиншиден, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўге байланыслы болған министрлик, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң бул бағдардағы жумысларын муўапықластырыў механизми ҳәм өз-ара бир пүтин системада ислеў тәртиби толық қәлиплестирилмеген;
- үшиншиден, халықтың азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлениў дәрежесин анықлаў, мәмлекеттиң азық-аўқат қәўипсизлигин баҳалаў индекслери жоқ.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында