Telegram karinform

Мәденият

  • 14.03.2019 11:49
  • 1923

Наўрыз сейиллери Нөкис қаласының қайсы орынларында болып өтеди?


Наўрыз байрамы ҳәр жылы республикамыздың барлық орынларында жоқары көтериңкилик руўхта белгиленеди, деп жазады Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы Т.Сейтназарова.
Елимизде байрамға таярлық жумыслары әлле қашан баслап жиберилген. Быйылғы байрам тамашаларын өткен жылдағыдай халық сейиллери тәризинде өткериў режелестирилмекте.
Онда фольклор-этнографиялық топарлар менен ансамбльлер, белгили көркем өнер хызметкерлери, ҳәўескер қосықшы ҳәм сәзенделер, бақсылар қатнасыўы күтилмекте.
Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигиниң берген мағлыўматына қарағанда, байрам сейиллерин пайтахтымыздағы И.В.Савицкий атындағы қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи алдында, «Жаслар орайы» алдындағы майданда, «Истиқлол» балалар мәденият ҳәм дем алыў бағында өткериў режелестирилмекте.
Байрам бағдарламасынан қарақалпақ миллий ойынлары – палўанлар гүреси, арқан тартыспақ, қошқар дүгистириў тамашалары, қызықлы ойын-заўықлар болып өтеди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

        Жасалма интеллект технологияларының раўажланыўы себепли көплеген кәсиплер жоқ болып кетеди. Бул мәселеге Microsoft компаниясының тийкарын