Telegram karinform

Жәмийет

  • 14.03.2019 12:22
  • 1826

Студентлерге контракт пулын аз муғдарда төлеў имканияты жаратылыўы мүмкин


Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын додалаў порталында «2019-2020-оқыў жылында Өзбекстан Республикасының жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери ҳаққында»ғы Президент қарарының жойбары жәрияланды.

Жойбарға муўапық, 2019-2020-оқыў жылынан баслап:
- Абитуриентлерге бир ўақыттың өзинде бир неше жоқары оқыў орнына (тәлим бағдарына) ҳүжжет тапсырыў ҳуқықы бериледи;
- Абитуриентлер жоқары оқыў орнына ҳүжжетлерди жасаў орнына қарамастан мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы тапсырыў ҳуқықына ийе болады;
- Төлемли контракт тийкарында студентликке қабыл етилген барлық басқыш студентлери стипендияларынан ўаз кешиў арқалы жыллық алынатуғын стипендия муғдарына сәйкес түрде азайтылған төлемли контракт пулын төлеў ҳуқықына ийе;
- Жоқары оқыў орынларының сыртқы ҳәм кешки билимлендириў бөлимлеринде оқытыў төлемли контракт тийкарында әмелге асырылады және оқытыўдың баҳасы күндизги билимлендириў формасынан төмен болғанын есапқа алып, тийисли бакалавриат тәлим багдары бойынша күндизги оқытыў формасы баҳасынан көп болмаған муғдарда белгиленеди.

Қарар жойбарының додалаўы 28-мартқа шекем даўам етеди. Жойбар усы формасында қабыл етилиўи, өзгертилиўи ямаса пүткиллей бийкар етилиўи де мүмкин.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында