Telegram karinform

Жәмийет

  • 14.03.2019 14:05
  • 1415

Сүўретлеў өнери бойынша белгили илимпаз НМПИ студентлерине сабақ өтпекте

Сүўретлеў өнери бойынша белгили илимпаз НМПИ студентлерине сабақ өтпекте
Хожа Ахмед Яссаўий атындағы Халықаралық Қазақстан-Түркия университети профессоры, педагогика илимлериниң докторы Ералин Қуўандық Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты педагогика факультети сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы тәлим бағдарының студентлерине сабақ өтпекте.
Сүўретлеў өнери бойынша белгили илимпаз НМПИ студентлерине сабақ өтпекте
- Еки жоқары оқыў орны арасында дүзилген өз-ара бирге ислесиў ҳаққындағы меморандум тийкарында билимлендириў, илимий изертлеў, соның менен бирге, мәдений тараўда беккем байланыслар орнатылды, - дейди институттың сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы кафедрасының баслығы Ж.Дәрменов. – Мине, бүгин сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы илиминде үлкен жаңалықларды ислей алған профессор бизиң студентлеримизге лекция сабақларын өтпекте. Буның нәтийжесинде студентлеримиздиң билим ҳәм көнликпелери артады, деп ойлайман.
Сүўретлеў өнери бойынша белгили илимпаз НМПИ студентлерине сабақ өтпекте
Қазақстан Республикасы билимлендириў ағласы, мәденият ғайраткери Ералин Қуўандық «Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасын оқытыў методикасы» пәни бойынша студентлерге теориялық ҳәм практикалық билим берип, болажақ педагогларда оқыўшыларға көркемлик билим ҳәм эстетикалық тәрбия бериў бойынша көнликпелерин беккемлемекте.
Мағлыўмат ушын, профессор Ералин Қуўандық 115 тен аслам илимий мақалалар, 4 монография ҳәм 24 оқыўлық қолланбалардың авторы болып есапланады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет