Telegram karinform

Мәденият

  • 15.03.2019 17:44
  • 1653

Пайтахтымызда «Корея мәденияты күнлери» өткерилмекте

Пайтахтымызда «Корея мәденияты күнлери» өткерилмекте
15-март күни пайтахтымыздағы Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң көргизбелер сарайында «Корея мәденияты күнлери» көргизбели кешесиниң ашылыўы болып өтти.
Бул мәденият күнлери – Нөкис қаласындағы Корейс миллий мәденият орайы ҳәм Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими менен биргеликте шөлкемлестирилген болып, оны өткериўдеги тийкарғы мақсет – халықаралық мәдений байланысларды беккемлеў, Корея мәденияты менен жақыннан танысыў, көп миллетли халқымызды, әсиресе, жасларды Ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаўдан ибарат.
Пайтахтымызда «Корея мәденияты күнлери» өткерилмекте
Пайтахтымызда «Корея мәденияты күнлери» өткерилмекте
Пайтахтымызда «Корея мәденияты күнлери» өткерилмекте
Илажда елимиздиң ғәрезсизликке ерискеннен кейин Өзбекстан Республикасы ҳәм Қубла Корея арасындағы дипломатиялық қарым-қатнасықлар орнатылып, бул еки мәмлекет арасында ҳәр тәреплеме бирге ислесиўдиң жаңа сапалы басқышы жолға қойылғанлығы, сондай-ақ, бул қатнасықлар Уллы Жипек Жолы дәўиринен берли Күн Шығыс мәмлекети менен Өзбекстан арасында мәдений, саўда-сатық қатнасықлары орнатылып, бүгинги күни де табыслы ҳәм әҳмийетли орын тутып атырғанлығы мақтаныш пенен атап өтилди.
Пайтахтымызда «Корея мәденияты күнлери» өткерилмекте
Пайтахтымызда «Корея мәденияты күнлери» өткерилмекте
Көргизбели кешениң биринши күнинде мийманлар салтанатлы түрде күтип алынып, илаж даўамында Корея мәденияты бойынша қысқаша мағлыўматлар берилди ҳәм видео ролик қойып берилди. Жыйналғанлар корейс художниклериниң дөретпелеринен ибарат 20 ға шамалас картиналарды тамашалады.
Сондай-ақ, корейцслердиң тәрепинен миллий тағамларын таярлаў бойынша шеберлик сабағы өткерилип, оригами тағамы таярлап көрсетилди.
Илаж даўамында жыйналғанларға миллий липаслар көргизбеси ҳәм концерт бағдарламасы қойып берилди.
«Корея мәденияты күнлери» 16-мартқа шекем даўам етеди.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.


(Мақаланың сүўретлери агентлик шолыўшысы И.МАТЕКОВ тәрепинен түсирилди).
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

Қарақалпақстанда биринши мәрте Арал мәденият саммити өткериледи

Қарақалпақстанда биринши мәрте Арал мәденият саммити өткериледи

Усы жылдың 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстанның Нөкис қаласында биринши мәрте Арал мәденият саммити болып өтеди, деп хабар...

Наўрыз байрамы ушын қосымша дем алыс күнлери берилмейди ме?

Наўрыз байрамы ушын қосымша дем алыс күнлери берилмейди ме?

    Наўрыз байрамы ушын қосымша дем алыс күнлери берилмейди ме? Ҳәзирше Наўрыз байрамына қосымша дем алыс