Усы жылдың 14-21 сентябрь күнлери аралығында Москва қаласында «ЭТНО АРТ ФЕСТ 2017» Москва-Лондон Дүньяжүзлик этно-мәдений фестивалы ҳәм ЮНЕСКО Конференциясына Қарақалпақстаннан Айзада Нурымбетова ҳәм оның шәкирти Нөкис мәденият ҳәм көркем-өнер колледжи оқыўшысы Наргиза Утемуратова қатнасады, деп хабар берди Айнура Өтениязова.
Жойбардың тийкарғы мақсети халықаралық ҳәм регионлар аралық мәдений бирге ислесиўди раўажландырыў, этно-мәдений дәстүрлерди, халық әмелий өнерментшилиги ҳәм қол өнери үлгилерин сақлаўдан, фестиваль қатнасыўшылары болған Россия ҳәм ҒМДА еллери аймағындағы ЮНЕСКО қорғаўындағы объектлерди таныстырыўдан ибарат. Фестивалда тийкарынан Россия ҳәм ҒМДА еллеринен халық әмелий өнерментшилиги менен шуғылланыўшылар, мода индустриясы ўәкиллери ҳәм белгили дизайнерлер қатнасады.
Фестиваль тийкарынан «Көргизбе», «SHOW-ROOM» (бирге ислесиў илажлары), «ДЕФИЛЕ» (этно-мәдений элементлер сәўлеленген заманагөй кийимлер коллекциясы) ҳәм «Таңлаўлар» сыяқлы бөлимлерден ибарат.
Халкымыздың бир неше әсирлик тарийхын өзинде сәўлелендиретуғын миллий өнерментшилик буйымларымыз, атап айтқанда, миллий кийимлеримиз дизайнер басшылығында қайта тикленди ҳәм жас өзгешелигине қарап классификацияланды. Ол қызлар, келиншек ҳәм кейўаны ҳаяллар кийетуғын барлық түрдеги кийимлерди ҳақыйқый нусқасын сақлаған ҳалда қайта тикледи. Сондай-ақ, миллийликти заманагөйлик пенен уйғынластырған ҳалда кийимлер коллекциясын жаратты. «ЭТНО АРТ ФЕСТ 2017» фестивалында Қарақалпақстан Республикасы ўәкили өзиниң миллий ҳәм миллий элементлер менен байытылған кийимлер коллекциясы менен қатнасады ҳәмде халқымыздың миллий қәдирият ҳәм дәстүрлерин, қол өнерин, бир сөз бенен айтқанда, этнографиясын презентация етеди.