Telegram karinform

Жәмийет

  • 25.03.2019 18:03
  • 1189

Умра зыяратынан келген жерлеслеримиз күтип алынды


Усы жылы 14-март күни республикамыздан 46 пуқара Умра зияратына жөнеп кеткен еди.
25-март күни жерлеслеримиз муқаддес әмеллерди орынлап, елимизге қайтып келди. Бул ҳаққында Paziylet.uz сайты хабар берди.
Зыяратшыларды Нөкис халықаралық аэропортында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Муҳаммед ибн Аҳмед әл-Беруний медресеси ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери, ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күтип алды.
- Умра зыяраты әмеллерин орынлаў ушын Президентимиз ҳәм ҳүкиметимиз басшылары тәрепинен жаратып берилген имканиятлардан кеўлимиз толды. Муқаддес Мәдина ҳәм Мекке қалаларына зыяратларымызда бизлер ушын барлық қолайлықлар жаратылды. Буннан зыяратшылар шексиз миннетдар болды. Елимиздиң тынышлығы, халқымыздың абаданлығы ушын ибадатлар етип, муқаддес орынларды зыяратлап қайттық, - дейди шымбайлы Жарылқаған аға Алимов.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Еркеклер де, ҳаяллар да мүддетинен еки жыл алдын жасқа байланыслы пенсияға шығыўы мүмкин, егер...

Еркеклер де, ҳаяллар да мүддетинен еки жыл алдын жасқа байланыслы пенсияға шығыўы мүмкин, егер...

    «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы нызамның 14-статьясына бола, технологиядағы, ислеп шығарыў ҳәм мийнетти шөлкемлестириўдеги өзгерислер,

Көк пияз шаштың тез өсиўине жәрдем береди

Көк пияз шаштың тез өсиўине жәрдем береди

    ✅ Жаңа көк пияз иштейди ашыў ушын хызмет етип келген. Соның ушын да тағамды безеўде